Relationships·10 of 14

In the Family

Rivka is a friend and mentor to a family as they deal with political and personal conflict. Mariam, a young girl, and her brother Noah run to Rivka's home for help. Laila, Mariam's mother, is sick. Rivka prays to God in Jesus's name for Laila to be healed. Rivka assures Mariam that God cleanses people with the death and resurrection of Jesus. Anyone who accepts Jesus is at peace with God. Moussa, Mariam's father, comes in to check on Laila. He's disappointed to see Rivka there and tells Mariam that Rivka should go. Mariam wonders if God could accept someone so selfish. Rivka tells her the story of the prodigal son. Rivka says God receives any lost person the same way, with open arms. Rivka tries to assure Mariam that there is hope in hard times.

Ask yours

Bible Quotes

Share
Free Resources

Want to understand the Bible more deeply?

Join our Bible study

Transcript

Karakalpak (Қарақалпақ тили)
Ривка Шаңарақ Азанғы қала уйқыда. Саўдагерлер еле затларын жаймаған. Римлилер де еле көшеге шықпаған. Таңғы салқын орнын түски жәзийрама ийелегени сыяқлы, азанғы тынышлық шаўқым ҳәм тынышсызлыққа алмасыўы мүмкин. Жаңа күн не әкелетуғынын ҳеш қашан биле алмайсаң. Нух! Жолды босатыңлар! Эй, сен, былай шық! Неге бизлер жасырынып атырмыз? Тыныш! Жолды босатыңлар дедим! Нух, жүр, бизлер анамның қурдасын әкелиўимиз керек! Шық былай! Былай шық! Сен кетиуиң керек. Мәриям! Не болды? Анамның аўҳалы жаман. Қызым, не болды? Ол жөтелгенде, қан таслап атыр. Нух! Маған айт, оның қан таслағанына көп болды ма? Бүгин басланды. Сара ыссылығының күшли екенин айтқан еди. Келгениңиз ушын рахмет, апа. Анаң қалай? Жаман. Ол сени шақырған еди. Мен Мәриямды шақырттым, енди оны оятқым келмейди. Кетебер, Нух. Мен не қылыўды билмедим. Сен маған адам жиберип жақсы қылдың. Ол күйип-жанып атыр. Мәриям, бизге суў, сүлги ҳәм табақ керек. Усылардың ҳәммесин әкел, илтимас. Даўыт? Сен не қылып атырсаң? Ҳеш нәрсе. Мен кетип баратырман. Кийимде қан бар! Не болыпты? Даўыт? Даўыт?! Бул ыссылықты түсириўи тийис. Биз ол ушын дуўа етиўимиз керек, Мәриям. Әке, Сениң алдыңа Ийсаның аты менен баралатуғыным ушын миннетдарман. Сени шақырғанымызда, еситкениң ушын миннетдарман. Биз, Сеннен қәдирли Лейла ушын өтинемиз. Оның аўырыўын ҳәм азабын жеңиллетиўиңди сораймыз. Оған ден саўлық, бер, Ийем. Сен оны бизлерден де артық жақсы көресең ҳәм биз оны Ийсаның аты менен Сениң ғамхорлығыңа арқайын тапсыра аламыз. Аўмийин. Мен анам ушын дуўа етиўге ҳәрекет еткенимде, Қудайдың мени еситип атырғанын сезбеймен. Не ушын? Билмеймен. Мен уяламан. Қудайдан сорайтуғындай, мен киммен? Бирақ Мәриям, Ийса атанақ ағашта сениң уялшақлығыңды Өзине алды ҳәм Ол саған Өз аты менен Қудайға қарай жол ашты. Бирақ мен сен сыяқлы, я анам сыяқлы емеспен. Ҳеш ким мухаддес Қудайдың алдында тура алмайды. Бирақ Оның Өзи Масихтың қурбанлығы арқалы бизге жол салды. Мына табақтағы суўға қара. Бир тамшы қан ямаса патаслықлар ишиндегиниң ҳәммесин бузады. Гүна да сондай, әзийзим. Парқы жоқ, ол улкен бе, киши ме. Қүдиретли Қудай пәк ҳәм мухаддес. Ол ҳеш қандай гүнаға төзим бермейди. Бул иссоп суўды тазалағандай. Қудай бизлерди Ийсаның өлими ҳәм өлимнен тирилиўи арқалы пәклейди. Ийса пәк ҳәм гүнасыз болса да, Ол Өзине бизлердиң гүналарымыз ҳәм азғынлығымыз ушын жаза алды. Ол бизлер пәклениўимиз ушын қурбан болды. Ол өлимнен тирилди. Гүна ҳәм өлим бийлигин бузып, бизиң шерменделигимизди Өзине алды. Қудай бизди Өзи менен усылай жарастырды. Ҳәм биз Ўәде етилген Масихты Ийсаны Оның биз ушын қурбанлығын қабыл еткенимизде, усы тынышлықты қабыл етемиз. Сен ислегендей, Мәриям. Ол сени еситип тур ҳәм сени жақсы көреди. Мәриям, анаң қалай? О, Ривка, аўҳалың жақсы ма? Аўа, Муўса сеники де жақсы деген үмиттемен. Оның аўҳалы жақсыланды, әке. Ривка апа оған жәрдем берди. Не ушын бул ҳаял бизиң үйимизде? Мен оны да, оның күйеўин де жақтырмайтуғынымды айтпаған ба едим? Бирақ, әке, ол анам менен дос-ғо. Ол жақсы ҳәм дана ҳаял. Ол бизлердей емес. Оның күйеўи – салықшы! Римлилер ушын! Және ол Насыралы Ийсаға исенеди. Әке, анам оны алып келиўди сораған еди. Яқшы. Не болып қалды? Түнде әскерлеримизге ҳүжим жасалған. Ҳүжимде сизиң бир адамыңыз қатнасты деп шамалаймыз. Бизиң адамымыз? Болыўы мүмкин емес. Бизлер нызамды орынлап жасаймыз. Жынаятшыны жасырып атырсаң. Қаш! Бул жерде жынаятшылар жоқ. Үйди тинтиң. Бийкарға ўақыт откерип атырсыз. Үйде тек ҳаяллар ғана бар. Мен түни бойы үйде болдым, ал улым ҳәм күйеў балам болса Уйдиң ишин. пада менен атызда болған еди. Яқ, керек емес! Ҳаялым аўыр кесел. Кеттик. Басқа сапар келемиз. О, улым. Ол енди не ислеп қойды? Апа, ҳәммеси жақсы. Олар кетти. Мен ол ушын дуўа етемен. Ол ушын дуўа етемен. Мен оны қайғырып отырман. Ол сондай қайсар ҳәм өз билдигин ислеўши адам. Анам, аўыр кесел, Ол хожалықты қайғырыўы, оған хызмет етиўи керек еди. Буның орнына ол бизлерди қәўип астына қоймақта. Ол тек өзин ойлайды. Қудай қалайынша қәдирли нәрсени шетке ысырып қоятуғын адамды жақсы көре алады? Бир күни Ийса өзин ойлайтуғын жигит туўралы гүрриң айтып берген еди. Ол жигит тек өзин ойлайтуғын еди. Ҳәм өз мийрасын алғысы келетуғын еди. Әкесиниң кеўли толмаса да, баласы сораған нәрсени берипти. Сөйтип, ол тәғдирин сынап көриў ушын жат еллерге кетипти. Арадан көп узамай, ол бар мүлкин өз рәҳәтине сарплапты. Ол коп узамай ақшасыз, досларсыз қалып өлиўге келипти. Сөйтип, ол не ислепти? Ол әкесин ойлапты. Ол әкесиниң сақыйлығын ҳәм ғамхорлығын еслепти. Ҳәтте - ол, бәрқулла үйинде тойып нан жейтуғын хызметшилерди де еслепти. Оның қайтқысы келип әкесине былай демекши еди: «Мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Улың болыўға ылайық емеспен. Мени өз қулларың қатарына қабыл ет.» Бирақ, улы еле узақта болсада, әкеси оны қарсы алыў ушын, алдына жуўырып шықты. Ол улын узақ қушақлап, сүйди. Ал кейин хызметшилерине былай деди: «Оған ең жақсы шапан әкелип, кийгизиң. Қолына жүзик тағып, аяғына аяқ кийим кийгизиң. Кейин ең жақсы баспақты сойың. Келиңлер, байрамлайық! Себеби мениң улым өлген еди, ал енди тирилди. Жойтылған еди, ал енди табылды.» Әкеси оны қабыл етти ме? О! Ол улының қайтыўын күтти. Сонда сен, Қудай Даўытты күтип атыр, деп ойлайсаң ба? Аўа, әзийзим. Ҳәтте, алдына жуўырып киятыр. Әке улын усылай қабыл ете алар ма еди? Егер де улы жаман ис ислеген болса да ма? Оның улы наҳақлық қылған болса да, әкеси оны кеширди. Мениңше, қайтып келиўге ҳәм әкеси менен ушырасыўға улына батыллық керек болған шығар. Енди мен үйиме қайтыўым керек, болмаса күйеўим мени излеп келеди. Бүгинги күниң узақ болды. Сен ҳәм хожалығың ушын бул қыйын ўақытлар. Бирақ мен билемен: ҳәтте, ең қыйын ўақытлары да биз Қудайдан ҳәм Оның сөзинен үмит ете аламыз. Мәриям? Бул – Сен ушын. Бул үмитти биз Ийшая пайғамбарда көремиз. Ол Қудай келсе, ҳәтте, шөл де қуўанады, деген еди. Егер анаңа керек болсам, мени әлбетте шақыр. Яқшы. Ҳәммеси ушын рахмет сизге. Сиз өзиңизди қайсы қаҳарманға уқсатасыз ҳәм не ушын? Не ушын адам өз дуўаларын Қудайдың еситкенин билгиси келеди? Мәриям, Ривка ҳәм Лейла – жақсы ҳаяллар. Сизиңше, адамды не жақсы қылады? Қудайдың бизди қабыл етиўи ҳәм Оның дуўаларымызды еситип атырғанын билиўимиз ушын не ислеўимиз керек? Қудайдың адамларға деген қатнасы туўралы жойтылған ул ҳаққында тымсал не дейди?
JesusFilm