8 of 12Rivka · 12 chapters

Cleaning the Lamps

Mariam worries about her parents and how to be a wife to Yacoub. Rivka tries to tell her that they will each grow as they submit to God. She points to the lamps they're cleaning and says they all have the same purpose: to shine. She says God thinks of us as lamps. We are to shine as God made us to shine. Rivka says she knows women that have had to shine in the darkest hours. They had to rely on God to fill them so He could shine through them. A girl's worth doesn't rely on her marriage status, instead, she should live to serve God with her gifts and talents. That's where worth is found. "You are the light of the world. A city on a hill can't be hidden. Also, people do not light a lamp and put it under a bowl. Instead, they put it on its stand. Then it gives light to everyone in the house. In the same way, let your light shine in front of others. Then they will see the good things you do. And they will praise your Father who is in heaven" (Matthew 5:14-16). We're given unique personalities, desires and gifts to invest in the things God puts in our life. As stated in the parable of the talents, God expects us to use what we've been given to glorify Him.

Ask yours

Bible Quotes

Share
Matthew 5:14-16

You are the light of the world. A city on a hill cannot be hidden. Neither do people light a lamp and put it under a basket. Instead, they set it on a stand, and it gives light to everyone in the house. In the same way, let your light shine before men, that they may see your good deeds and glorify your Father in heaven.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
1 Corinthians 12:12

The body is a unit, though it is composed of many parts. And although its parts are many, they all form one body. So it is with Christ.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Free Resources

Want to understand the Bible more deeply?

Join our Bible study

Transcript

Karakalpak (Қарақалпақ тили)
Ривка Сиз – Дүньяның Нурысыз Апа, дәрўаза алдында ким турғанын көрип жиберейин. Мен келгеннен кейин, сорпаны ишкиземен. Яқып! Аға. Келиң, келиң. Хош келдиңиз, кириң. Апа! Аға! Яқып ҳәм оның әкеси усы жерде. Оларды не қылайын? Ҳе, оларды ишки бөлмеге киргиз, Мәриям. Оларға аўқат таярлап бер. Мен аз-маздан бараман. Мәрҳәмәт, кириң. Әкем аз-маздан келеди. Мен...бизлер...келгениңизге қатты қуўанышлымыз. Бизиң үйимиз сизиң үйиңиз. Нух! Суў әкелип, қонақлардың қолынан суў ал. Тез! Яқшы, яқшы. Аўа, саған не керек? Яқып әкеси менен усы жерде! Алдыларына бир нәрселер қойыў керек! Жүр, тезирек! Яқшы, тезирек болыўға ҳәрекет етемен. Тез! Мәриям, тынышлан. Яқ, аға. Кел, саған жәрдем берейин. Кийиниўине жәрдем берип жибер. А, жақсы. Мени оларға апар. Муўса. Ассалаума алейкум, Муўса аға. Яқып. Мәрҳамат, отырың. Сени көргениме қуўанышлыман, Муўса. Аўырып қалғаның жаман болыпты. Қудай ден саўлық берип, саған шыпа бериуи ушын, дуўа етемен. Сени Қудай еситсин. Аўа. Қандай жәрдемим тийеди, қоңсы? Мен бүгин сениң алдыңа, балам Яқып ушын келдим. Ол – ылайықлы жас жигит, сениң қызыңа жақсы күйеў болады деп ойлайман. Кейин, Яқыптың әкеси атастыртыўды тезлете аламыз ба, деп сорап атыр. Заман аўыр, ертең не болады, деп атыр? Ол бизлердиң, үш айдан соң турмыс қурыўымызды қәлейди! Сениң әкең не деди? Ол келисим берди! Биз үш айдан соң турмыс қурыўымызды керек. Олар Аюпты шақырып, ҳәммесин келисти. Ал кейин Яқып маған моншақ берди. Бундай сулыў моншақты ҳеш көрмегенсең, дурыс па? Аўа, қарағым, жуда сулыў. Бирақ, анам менен әкем менсиз не қылады, билмеймен. Мен соншелли бахытлыман, бирақ басқа тәрептен... Сизлер Яқып пенен оларға жәрдем бериў жолын табарсыз. Сара да, Аюп та усы жерде. Бирақ Сара сондай кесел. Қызым, ол бәрқулла аўырыў болмайды, ол балалы болады. Билемен, бирақ бала туўылғаннан соң, ол Аюп пенен жақынырақ жерге көшип өтпекши. Ўақты келгенде, олар кетеди. Оларды Қудай баслап жүреди. Сен ҳәм Яқып қарым-қатнас қылып, дуўа еткениңизде, Қудайға ергениңизде, Өзи баслап жүреди. Анам бизге бәрқулла бойсынғыш ҳаяллар болыўымыз керек екенин айтатуғын еди. Бир күни биз өз хожалығымызда жасаймыз. Бирақ мен ата-анама керек болсам... Бойсыныў да исенимниң ҳәрекет етиўи, Мәриям. Биз Яқып пенен еле бирге емеспиз, бирақ мен ҳәзирден уялып атырман. Апа, мен өзим не қылыўым кереклигин түсинбеймен. Мен ҳаял болыўды түсиниўим керек. Үш айдан соң ба? Мен оны ислей алмайман. Мәриям, бойсынғыш ҳаял болыў өзлигиңди жойтыў дегени емес. Яқып сени жақсы көриўди үйренсе, екеўиңиз Қудай алдында бир-бириңизге бойсыныўды үйренесиз. Солай етип, Қудай ойлағандай болып өсип барабересиз. Демек, турмысқа шығыў маған ең жақсы адам болыўға жәрдем береди. Мен олай демедим, Мәриям. Бизиң қәдиримиз ҳәм ержетиўимиз турмысқа шыққан, я шықпағанымызға байланыслы емес. Ҳәр кимниң өз жолы бар...ҳәм... Биз Қудайға ҳәм басқаларға хызмет етип, өсип барамыз. Мен ата-анама хызмет етким келеди. Сен бул туўралы Яқып пенен сөйлесиўиң керек. Ҳәзир ме? Сизлер өмириңизди ҳәзир жобаластырып баслайсыз, солай емеспе? Аўа, солай. Ал шешим қабыллаў ше? Аўа. Онда оған өз нийетиңниң абзаллығын көрсет. Өзиңниң не ойлайтуғыныңды шамалаўға оны мәжбүр етпе. Саған нениң әҳмийетли екенин оған билдир. Ол дурыс шешим қабыл етиўи ушын, өзиң қәлеген затты... ислеўге оны мәжбүр етиў мәнисинде емес. Сенде оған зәрүр болған даналық бар. Мәриям, мына шыраларға қара, бүгин биз оларды тазалап, майға толтырдық. Олар сондай сулыў. Сенде олар көп ҳәм ҳәр қыйлы. Мен оларды жақсы көремен. Бирақ билесең бе, олардың ҳәммеси бир мақсетке ийе, бул – жарқыраў. Дурыс. Бирақ олар ҳәр түрли болып нур шашады. Мына бири дийўалда жарқыраған сулыў нағыслар пайда етеди. Ал мынаўсы, күйеўим түнде жумыс ислегенде, сондай жақты нур таратады. Бул болса, жүдә жақты. Ал бул гүңгирт жанады. Олардың ҳәммесинде улыўма нәрселер көп. Олар жарқыраўы ушын, ҳәммесин тазалап, майға толтырыў керек. Бирақ олардың ҳәр бири басқалардан айырылып туратуғын өзгешеликке ийе. Ийса, сен ҳәм мен шыралар сыяқлы екенимизди айтқан еди, Мәриям. Ол бизлерди нур болып жарқырауымызды айтқан. Себеби өмиримиздиң мақсети – дүньяға Қудайдың нурын шашыў, бирақ ҳәр биримиз буны өз билдигимизше ислеймиз. Демек, мен шыраға уқсайман ба? Аўа, биз қаяққа барсақ та, ўазыйпамыз бирдей, бул нур болыў. Гейде, мениңше, мен от жағаман. Мысалы: Сара менен тартыссам. Бизлердиң ҳәммемизде усындай ўақытлар болады. О, бирақ сен, мениңше, сен – айрықша сулыў шырасаң. Қайсы үйде болмасын, умытпа: Қудай сени нур болыў ушын жаратқандай болып, нур шаш. Сениң сулыўлығың Қудайдан. Сол ушында сен Ол жаратқандайсаң. Мен сыяқлы ең сулыў ҳаяллардың базылары буны биледи. Мен ишки сулыўлық ҳаққында, нурдың усы тәрепин айтып атырман, түсинесең бе? Ең аўыр ўақытларда, ең қараңғы жерлерде қатты жарқыраў ушын. Олар өзлерин бәрқулла нурға толтырып туратуғын Қудайға исенди. Бирақ кейин олар арқалы сондай нур менен жарқырайды, буған лал қаласаң. Бул қандай аўыр заман? Күйеўинен ямаса баласынан айырылыў. Урыс ямаса ашлық. Ҳәммеси сондай көп. Бул сени қорқыта ма? О, қызым. Өзимиз дус болатуғын барлық қыйыншылықларды көз алдымызға келтире алғанымызда, жүдә қыйын болар еди. Сен бәрқулла қыйыншылықларға нур шашатуғындайсаң. Мен бул туўралы ҳеш нәрсе билмеймен. Мен бәрҳә нур шаша бермеймен. Eгер сен турмысқа шықпасам, өмир аңсат болар еди, деп қашан болсада ойлап көргенсең бе? Аңсат? Яқ, мен олай ойламайман. Мениңше, ол басқаша қыйын болар еди. Билесең бе, Мәриям, бизде ҳәр қыйлы талантлар ҳәм мүмкиншиликлер бар. Мен Қудай алдында маған берген нәрсе ушын жуўап беремен. Мен турмысқа шықпағанымда өзим ҳәм сыйларым өзгермес еди. Сараның достысы бар, ол турмысқа шықпаған, ҳәмме оған жек көрип қарайды. Айырымлар қыздың өмириндеги баслы мақсет турмысқа шығыў деп ойлайды. Бирақ мен исенемен, турмысқа шыққан, я шықпағаныма қарамай, Нора сыяқлы жесир болса да, бизиң мақсетимиз – Қудайға ҳәр қандай жағдайда хызмет етиў. Ҳәр кимде өз сыйлары ҳәм талантлары бар. Биз оларды Қудай өзлеримизди жайластырған жерде қолланыўымыз керек. Ҳәтте, өзимизге исенбесек те ме? Ҳәтте, сондай жағдайда да. Тыңла, Ийса бизлерге мына гүрриңди айтып берген еди. Бир адам саяхатқа атланыпты. Ол хызметшилерин шақырып, өз дүньясын бөлип берипти. Ҳәр бириниң қәбилетине қарай, биреўине бес қап теңге, басқасына еки қап берипти. Ал үшиншисине бир қап берипти. Арадан узақ ўақыт өтип, бул хызметшилердиң хожайыны қайтып келип, есап талап етипти. Бес қап алған хызметши былай депти: Хожайын, сен маған бес қапты исенип тапсырған едиң. Қара, мен оларды иске жумсап, және бесеўин арттырдым. Хожайыны: «Болады, жақсы ҳәм садық хызметши! Сен маған киши исте садық болдың. Саған көбирегин исенемен. Кел, өз хожайыныңның қуўанышына шерик бол!» – депти. Еки қап алғаны да келипти. «Хожайын, – депти ол, сен маған еки қапты исенип тапсырып едиң. Минекей, мен және екеўин арттырдым». Хожайыны жуўап берип: «Болады, жақсы ҳәм садық хызметшим! Сен киши исте садық болдың. Саған көбирегин исенемен. Кел хожайыныңның қуўанышына шерик бол!» – депти. Кейин, бир қап ақша алғаны хожайынына жақынлап барып: «Мен сениң залым адам екениңди, екпеген жерден оратуғыныңды, шашпаған жерден жыйнайтуғыныңды билетуғын едим. Сонлықтан қорқып, ақшаларыңды көмип, жасырып қойдым. Мине, сениң ақшаларың», – депти. Хожайын жуўап берип: «Залым ҳәм жалқаў хызметши! Демек, сен туқым шашпаған жеримнен оратуғынымды биледи екенсең, ақшаларымды өсимге ақша бериўшилерге бериўиң керек емес пе еди. Сонда мен қайтып келип, өзимдикин пайдасы менен алар едим-ғо. Солай етип, хожайын хызметшини өзине исенилген байлықты арттырмағаны ушын жазалады. Қудай ҳәр биримизге ғәзийне берген, Мәриям. Биз турмысқа шықсақ та, шықпасақ та, балаларымыз болса да, болмаса да, Ол ҳәр биримизге ҳәр қыйлы сый ҳәм талантларды берген. Бирақ биз Қудайдың бизге бергенлерин қәдирлеўимиз ҳәм Қудай шақырған жерде, өзимизди ақырына дейин бағышлаўымыз керек. Буны ислегенимизде, Оның менен узақ куткен соңғы күни жүзбе-жүз ушырасып, Биз Оның мақуллаўын еситемиз! Сол күни биз ҳақыйқаттан нур шашамыз. Ол бизлер арқалы жарқырайды! Мәриям, мен саған усы шыраны саўға етпекшимен. Бул сениң атастырылыўына меннен саўға болсын. Оған қарап турып, Қудай саған исенген нәрсе туўралы ойлап, сен Қудайдың сүйиспеншилиги менен жарқырайтуғыныңды бәрҳә есте сақла. Бирақ, апа, ол сондай сулыў. Мен алалмайман. Оншелли емес, қарағым. Сен – Қудайдың перзентисең. Сен – Аспан Патшалығында маликасаң. Сен – патшалар Патшасы ҳәм ҳүкимдарлар Ҳүкимдарының қызысан! Буны ал ҳәм не ислесең де, қай жерде болсаң да, өзиңниң Масихта ким екениңди есиңди сақла. Бирақ мен олай ислей алмайман! О...сен ислеўиң керек. Мен талап етемен. Сени олсыз жибермеймен. Мен Яқып пенен көп нәрселерди сөйлесип алыўым керек, бирақ мен ата-анама қайтып барыўым тийис. Сен саўғасыз кете алмайсаң. Ханым, сизди жас келиншек көриўди қәлейди. Оны баслап кел. Далия! Не болды? Сөзиңизди бөлгеним ушын кешириң, бирақ... ...а...ээ... ...анам жүдә наўқас. Мен Мәриямнан сизде Қудайдың шыпалаўшы күши бар екенин еситтим. Мүмкин, сиз анама жәрдем берерсиз? Менде айрықша күш жоқ, бирақ Қудайда бар. Мен өзим менен дәрилеримди апараман ҳәм анаң ушын дуўа етиўим мүмкин. Мен сениң менен бирге бараман. Жолымыз бир ғо. Қызлар, кете бериң. Мен жетип аламан. Рахмет, Дебра. Мәриям, бул қандай моншақ? Мен үш айдан соң, Яқыпқа турмысқа шығаман. О, Мәриям, қандай жақсы! Сен сондай бахытлысаң. Мен турмысқа шығаман деп ойламайман. Олай деме. Мен сеннен үлкенмен-ғо, Мәриям. Бирақ Далия, Қудайға әҳмийетли болыў ушын, турмыс қурыў шарт емес. Ол бизди қандай болсақ, сондай жақсы көреди. Өзиниң Яқып пенен болатуғын тойына байланыслы, Мәриямның қорқынышлары неден ибарат? Ривка Мәриямның қәўиплерине қалай жуўап берип атыр? Қудайдың жобасы бойынша, ҳаялдың ҳәм ер адамның қәдири, ўазыйпасы туўралы Ривка не дейди? Сизде қандай сый ҳәм қәбилетлер бар? Талант туўралы тымсал бизге сыйларымыз туўралы не дейди?
JesusFilm