Mariam eats in the fields with Dawud. When she walks back, she spots a young man named Yacoub struggling with oxen in the field. But at home, Moussa tells her that his cousin has proposed a marriage.
She tries to tell him a marriage to Enoc wouldn't work. But he doesn't understand. When Moussa asks why, she answers that Enoc doesn't follow Jesus. Moussa gets upset and says he doesn't claim to follow Jesus either. Will she disown him too?
Laila tells Mariam the Word is their hope and nourishment. Mariam wonders how to live in faith. But Laila says God will provide that too.
Ривка
Күнделикли Нан
Әкем ертең кетеди.
Билемен.
Рахмет.
Кеттик.
Тоқта!
Тоқта!
А!
Журиң, жаниуарларым.
Мәриям қәне?
Ол киятыр.
А, келдиңбе, Мәриям.
Бүгин пада қалай?
Даўыт, бари жақсы деди.
Жақсы, жақсы.
Мәриям.
Мениң жоқлығымда,
анаң, әжапаң ҳәм сенде үлкен жуўапкершилик болады.
Билемен, әке.
Мен ислеў керек нәрсениң барин ислеймен.
Сен ержетип атырсаң.
Сен бәрҳа бизлер менен болмайсаң, буны билесең.
Кетиўге асығып турған жоқпан.
Аўа.
Мениң аталас
иним Юнус
мениң менен кеше сөйлескен еди.
Не туўралы, әке?
Сен ҳәм оның улы Энох туўралы.
Ол тойға таярланыўды усыныс етти.
Тойға!
Сен оған не қыл дедиң?
Олардың
хожалығы жақсы.
Оның улы Энох жуўапкершиликли адам.
Бирақ мен қалайынша оның ҳаялы боламан?
Сениң ойыңда не бар?
Ол мендей емес. Бизлер
бирдей ойламаймыз.
Бирдей ойламаймыз?
Сен маған бир нәрсени айтпай турсаң?
Ол саған жаман қатнаста болды ма?
Яқ, әлбетте, яқ, әке. Ондай емес.
Яқшы. Мен буны кетпестен бурын шешип кетемен.
Апа, мен Энохқа турмысқа шыға алмайман. Бул дурыс емес.
Қалай дурыс емес?
Дүнья жаратылғаннан бери, бул бәрҳа дурыс болған.
Аталас иним Юнус, жақсы хожалық, тил алғыш Энох
ҳәм әжайып бизиң Мәриям.
Неси надурыс?
Бирақ
ол Ийсаға исенбейди-ғо,
әке.
Үстимнен күлип атырсаң ба?
Мен де усы Насыралыға исенбеймен! Сен не өз әкеңнен ўаз кешесең бе?
Қызымның басына сен ҳәм қурдасың
қандай пикирлерди киргизип таслағансыз?
Мәриям, әжапаңа бар.
Мениң қызым
Энохқа турмысқа шығыўдан
бас тартпақта. Ол Ийсаға исенбегени себепли ме?
Қызыңа жақсылықты раўа көретуғыныңды билемен, Муўса.
Бирақ сен оған таңлаў мүмкиншилигин бермейсең бе?
Таңлаў?
Энох – жақсы таңлаў.
Ол ҳүрметли жигит, әкеси мениң ағайиним, аталас иним.
Ол маған усыныс етти.
Олар Мәриямды қалеп турыпты.
Яғный, саған басқа биреў менен келискеннен гөре,
Юнус пенен келискен аңсатырақ па?
Аўа, аңсатырақ.
Мүмкин, бир нәрсе болса да, өмиримде әпиўайы болар?
Сен ушын әпиўайы, Муўса,
ал Мәриям ше?
Бул өмирлик саўда-ғо.
Ал бир өмирге жалғыз болыў ше?
Сен ертең кетесең.
Ол жүдә жас.
Буны қайтқаныңша қалдыр.
Мен қайтпаўым мүмкин, түсинесең бе?
Нахумды есле.
Олай деме.
Мен бағыўшыңыз
пүткил шаңарақ басшысыман.
Мен буны ойлаўым керек.
Бул жерде Аюп ҳәм Даўыт қалады.
Даўыт...
Оны ертең қамаўы мүмкин.
Мен ғамхорлық қыламан.
Қалайынша?
Сен умыттың ба?
Аўҳалыңның жаман болғанын?
Мен буны умытпадым.
Биз Қудайға исениўимиз керек. Ол ғамхорлық қылады.
Усы ғамхорлық қылғаны ма?
Ол бәрқулла ғамхорлық қылғандай.
Мине,
Оның қалай ғамхорлық қылғаны.
Хам мен сизлер менен бирге болмайман.
Мәриямды ойла, Муўса, оның сезимлерин түсин.
Бул исти ҳәзирше қой.
Қудай ғамхорлық қылады.
Иним Юнусқа не деймен?
Бир нәрсе ойлап табарсаң.
Ол не деди?
Қәўетерленбе.
Оны кетеринен бурын бир нәрсе ислейди деп ойламайман.
Мен малдай болғанымызды қәлемеймен.
Не демекшисең?
Бүгин азанда
Яқыптың өгизлерди алып киятырғанын көрдим.
Олар бир қоста болса да, оны еки тәрепке тартып кетип,
орнынан қозғалмады.
Бул сен ҳәм Энохсаң бе?
Солай емес пе?
Мен Ийсаға исенемен, ал ол болса яқ?
Жақсы айтылған, Мәриям.
Ал, әжапаң қалай?
Шаршаған
ҳәм наўқас,
бирақ жеңилмеди.
А
Ҳеш гәп болмас, ол жерик, бирақ қарнындағы баласы жақсы.
Мен әкемди сағынып қаламан.
Аўа.
Әкем жақсы адам.
Бирақ ол Ийсаға исенбейди.
Ҳәммесиниң ўақты сааты бар, әзийзим.
Гейде мен түсинбеймен.
Энохқа турмысқа шығыўдан бас тартып, әкемди қапа қыламан.
Мен хақпан деп үмит етемен.
Яқ болса ше?
Егер бизлер наҳақ болсақ ше?
Ийсаның дурыс жол екенин қалай билсек болады?
Оның сөзлери ҳақыйқат екенин қаяқтан билемен?
Себеби олар мың жыл алдын
болжап айтылған.
Қудай дүньяны жаратқанда,
Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене Оған қарсы гүна ислеген.
Сонда Қудай ҳаялдың урпағы
жыланның басын езетуғынын айтқан еди.
Бир күни оның урпақларының бири
гүна ҳәм шайтан бийлигин қыйратады.
Жүзлеген жыллар ишинде,
Ийсаға дейин Қудай пайғамбарлар арқалы сөйлеген.
Ийшая пайғамбар
Масихтың қыздан туўылатуғынын жәриялады.
Миха пайғамбарымыз
Оның Бейтлеҳемде туўылатуғынын айтты.
Бул «нан үйи» деген мәнисте.
Ийса – бизиң үмитимиз
ҳәм азығымыз.
Пайғамбар Ийшая былай деген:
Адамлар Масихты жек көрип, қабылламайды.
Ол биз ушын азапланып өледи.
Ол бизлерге
жүкленетуғын азапларды шекти,
бизлер көтериў керек дәртти алды.
Ол гүналарымыз ушын жарақатланды.
Ол жаманлықларымыз ушын азапланды.
Бирақ
биз Оның азабы себепли шыпа алдық,
Оның жарақатлары себепли азат болдық.
Ийса Өзине шерменделигимизди алды.
Ал қәбирден тирилгенде, Қудай Ҳаўа енеге ўәде еткендей,
шайтанның бийлигин ҳәм өлим дузағын қыйратты.
Ийса жасағаны, өлгени ҳәм тирилгени арқалы,
Қудайдың барлық ўәделерин
орынлады.
Биз Мухаддес Жазыўға исене аламыз, Мәриям.
Олар ҳақыйқый екенин дәлилледи.
Ол Қудайдың сөзи.
Қүдиретли Жаратыўшы оларды руўхландырды ҳәм сақлап турыпты.
Ол олардың пәклигин инта менен қорғайды.
Олар бизди азықландырады,
мына нан сыяқлы.
Ҳәтте, наннанда зыят.
Елши Павел былай жазған:
«Пүткил Мухаддес Жазыў Қудайдың Руўхы менен жазылған ҳәм
ҳақыйқатлық туўралы тәлим бериў,
дүзетиў, әшкараланыў ушын пайдалы
ҳәм қалай дурыс жасаў кереклигин көрсетеди».
Ийса ҳәм Мухаддес Жазыў туўралы айтқаныңда,
мен исенемен.
Бирақ бундай исенимди жүректе бәрҳа қалай сақлаўға болады?
Исенгеним бойынша қалай жасасам болады?
Бул сениң жолың, Мәриям.
Биз Қудайдың сөзине исенип, бойсынып, исенимде өсип барамыз.
Егер сен өзиңди Қудайға исенип тапсырсаң, ҳәр күн сайын,
Өзиңе керекли пүткил исеним ҳәм даналыққа ерисесең.
Даўыт
жақсымысаң?
Мен қалай жақсы болайын,
әкем Агриппаға сарайлар қурыў ушын, бизди таслап баратыр.
Даўыт...
Кетиўим кереклигин билесең-ғо.
Сен анаңа, қарындасларыңа ҳәм иниңе қараўың керек.
Буны маған ўәде ет, улым.
Ҳәрекет етемен, әке.
Саған исенгеним.
Хош бол, Әке
Қудай саған яр болсын!
Бул үзиндиде айтылғанға қалай қарайсыз?
Мәриям әҳмийетли мәселелерде әкесин мақулламаса да, әкесине қалай ҳүрмет көрсетеди?
Мәриямның анасы оның гүманларын жеңиўге қалай жәрдем берди?
Буның ҳақыйқат екенин қалай биле аламыз?
Бул үзинди исеним ҳәм гүман туўралы сизге не дейди?