Rivka·9 of 12

Wedding Day

As they prepare for Mariam's wedding, Noura encourages Mariam to cultivate her own relationship with Jesus. Yacoub won't be able to lend his own relationship to her. Sara advises Mariam to spend time with God and she'll find peace. In preparation for marriage, the women in Mariam's life give her advice that's actually good for everyone, regardless of status. "I know what it's like to not have what I need. I also know what it's like to have more than I need. I have learned the secret of being content no matter what happens. I am content whether I am well fed or hungry. I am content whether I have more than enough or not enough. I can do everything by the power of Christ. He gives me strength" (Philippians 4:12-13). Paul speaks about being content in everything because Jesus alone is enough. By making that relationship our highest priority, and recognizing it above worldly matters, we can find contentment in everything.

Ask yours

Bible Quotes

Share
Matthew 25:1-13

“At that time the kingdom of heaven will be like ten virgins who took their lamps and went out to meet the bridegroom. Five of them were foolish, and five were wise. The foolish ones took their lamps but did not take along any extra oil. But the wise ones took oil in flasks along with their lamps. When the bridegroom was delayed, they all became drowsy and fell asleep. At midnight the cry rang out: ‘Here is the bridegroom! Come out to meet him!’ Then all the virgins woke up and trimmed their lamps. The foolish ones said to the wise, ‘Give us some of your oil; our lamps are going out.’ ‘No,’ said the wise ones, ‘or there may not be enough for both us and you. Instead, go to those who sell oil and buy some for yourselves.’ But while they were on their way to buy it, the bridegroom arrived. Those who were ready went in with him to the wedding banquet, and the door was shut. Later the other virgins arrived and said, ‘Lord, lord, open the door for us!’ But he replied, ‘Truly I tell you, I do not know you.’ Therefore keep watch, because you do not know the day or the hour.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Luke 10:38-41

As they traveled along, Jesus entered a village where a woman named Martha welcomed Him into her home. She had a sister named Mary, who sat at the Lord’s feet listening to His message. But Martha was distracted by all the preparations to be made. She came to Jesus and said, “Lord, do You not care that my sister has left me to serve alone? Tell her to help me!” “Martha, Martha,” the Lord replied, “you are worried and upset about many things.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Philippians 4:12-13

I know how to live humbly, and I know how to abound. In any and every situation I have learned the secret of being filled and being hungry, of having plenty and having need. I can do all things through Christ who gives me strength.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Free Resources

Want to understand the Bible more deeply?

Join our Bible study

Transcript

Karakalpak (Қарақалпақ тили)
Ривка Той Лейла? Сен не қылып атырсаң, Лейла? Бүгин қызымыздың тойы, еле көп нәрселер исленбеген. Сол жерде ислейтуғын адам көп. Кел, мениң менен азмаз дем ал. Ертең дем аламан. А! Ақылсыз ҳаял. Ўа-ҳа-ҳа, сен бир ойлап көр. Биз бир-биримизге минәсиппиз. Сен үстинен күлетуғын бир нәрсе таба ғоясаң. Жылағаннан гөре, күлген жақсырақ. Бизиң тойымыз ядымда. Сен сол күни күлдиң бе? Ўа-ҳа-ҳа, күлдиң бе? Мен қорқынышта едим. Биз бала едик. Ал енди қара. Биз ғарры, кесел, соқырмыз. Биз бала емес едик. Биз ержеткен, бирақ жас едик. Мен қатты қорықтым. Бирақ мен сени ҳүрмет еттим ҳәм мениң әкем сениң хожалығыңды ҳүрмет етти. Жыллар қаншелли тез өтип кетти. Бизлер бирге ержеттик, Муўса. Бул ушын оннан артық ҳаялды қәлемеген болар едим. Ал мен еркекти. Бүгин қызымыздың тойы. Қудай оны жарылқасын. Тойың басланайын деп тур. Сен қорқасаң ба? Мен? Қорқаман? Яқ. Мен қәўетердемен. Бирақ мен бул туўралы ойламаўға ҳәрекет етемен. Онда мен саған еслетип қояман. Маған ҳәм қалған ҳәммеге! Апа, сен жүдә көп мийнет қылдың. Сен дем алыўың керек. Яқ, яқ, яқ, қарағым. Мен бул күни ҳеш нәрсени көзден қашырғым келмейди. Әжағаңның усы жерде болыўын қәлер едим. Бирақ, апа, мен айтпаған ба едим? Даўыт Яқыпты атыздан таўыпты. Ол Яқыпқа тойға келетуғынын айтыпты. Даўыт? Сен Яқып пенен усы ҳәптеде сөйлестиң бе? Яқ, апа, әлбетте, яқ. Яқып Аюпқа айтқан, Аюп Сараға жеткизген. Бирақ, апа, Даўыт келеди. Сен қуўанышлы емессең бе? А, мен бахытлыман. Ол сақ болады, деп үмит етемен. Егер оны римлилер таўып алса... Бул мениң тойым, апа. Ҳәммеси әжайып болады. Сениң тойың. Сен демде ержетип қалыпсаң. Енди бар, қызым. Безенетуғын ўақтың болды. Сәлем бердик, апа. Келгениңиз ушын көп-көп рахмет! Әлбетте, биз келдик. Бул шәрт емес еди. Апа, рахмет. Рахмет. Сондай әжайып күн! Ҳаў жасанатуғын ўақтың болмады ма? Сиз ҳақсыз. Сиңлим жүр, сени безендирейик. Далия, биз бенен жүр. Сен – жақсы келинсең, Мәриям. Мен сондай тынышысызбан. Ҳәммемиз де той күни солай болғанбыз. Ах! О, бул қопал, кушсиз бармақлар! Бул исти жасларға бериў керек деп ойлайман. Нора, сен генже қызымның тойында нәсият сөзлериңди айтасаң ба? Өткен ҳәптеде маған Ийсаның той туўралы гүрриңин айтып берген едиң. Лейла, күйеўди күткен он қыз туўралы сол гүрриң ядыңда ма? Олардың ҳәммесинде шыралар болған еди. Бес қыз өзлери менен бирге аўысық май да алып келипти. Ал бесеўи әкелмепти. Күйеў бала кешигип қалыпты. Яқып кешикпейди деп үмит етемен. Ол пикирин өзгертти деп ойлап қаламан. Егер ол кешиксе, сениң досларың өзлери менен май әкеледи, деп исенемен. Ҳәмме шыралар өшип қалса, байрам бузылады. Мен қараңғыда байрамлағым келмейди. Бул гүрриңде, қоңсылар күйеў әлле қашан жолда, дегенде, майы жоқ қызлар басқаларынан бөлисиўди сорай баслады. Бирақ егер олар буны ислегенде, оларда той кешеси ушын жеткиликли май болмаған болар еди. Сонлықтан ақылсыз қызлар өзлерине аз-маз май сататуғын биреўди излеп кетти. Ал базар әлле қашан жаўылып қалған еди. Әлбетте. Олар айланып келип караса, ҳәммеси байрамлаўға кеткен болып, жалғыз өзлери қалып кетти. Мен түсинбеймен, апа. Гүрриң мен туўралы емес, ал қонақлар туўралы. Мен Ийса негизинде той ҳаққында айтқан деп ойламайман. Мен оны бизиң өмиримиз туўралы айтқан деп ойлайман. Биз ҳәммемиз Ийсаның қайтыўын күтемиз. Бизиң айырымларымыз Ол келместен бурын өлемиз, бирақ биз буған ҳәр күни таяр болыўымыз керек. Бизиң жүреклеримиз Мухаддес Руўхқа толып, Оған умтылыўы тийис. Буны бизлерге биреў ислеп бермейди. Қызлар бир-бирине май берип тура алмайтуғын еди. Сениң күйеўиң өзиниң Қудайға деген сүйиспеншилигин саған берип тура алмайды. Сен өзиң Қудайды излеўиң керек. Ийсаның сөзлерин ойлап жүриў маған унайды. Сонда мен қосық айтаман. Дуўа етемен. Сен де солай ислеўиң керек, Мәриям. Оны бәрқулла изле. Бәрқулла өзиңе даналық бериўди сора. Сениң ушын ҳәр бир күн – бул шыра ушын «майды» аўыстырып қойыўға жаңа мүмкиншилик. Буны ядлап қалыўдың қандай әжайып усылы. Рахмет, апа. Арзымайды мәрҳәмәт. Қәдирли, Ривка, мүмкин сен, қызым менен той күни бир нәрсени бөлисерсең? Сен бүгин сондай гөззалсаң, Мәриям. Шашларың сондай жақсы пардозланған, солай емес пе? Сениң нур шашқан көзлериңе ҳәм жарқырап турған жүзлериңе қарап, мен... елши Петрдиң сөзлерин еске түсиремен. Ол... сулыў шашлар сени гөззал қыла алмайды деген еди. Қымбатлы тақыншақлар ҳәм әжайып кийимлер де буны ислей алмайды. Ҳақыйқый гөззаллық ол иштен шығады. Бул солып қалмайтуғын сулыўлық. Қудай буны жоқары баҳалайды. Буны бүгин... ҳәм бәрҳә есиңде сақла. Сениң ҳақыйқый гөззалығың ишиңде. Саған рахмет, Ривка апа. Сара, сен сиңлиңе бир нәрсе айтқың келе ме? Билесең бе, жақсы ҳаял болыў не екенин мен енди түсине басладым. Ал бир еки айдан соң, мен жақсы ана болыўды үйрене баслайман. Бирақ Ривка апаның Марта ҳәм Мәриям туўралы айтқан гүрриңи, есиңдеме? Ийса оларға келгенде ме? Аўа. Бул Ол ҳәм елшилер ел бойлап сапар шеккенде болған еди. Тәлим берип жүрип, олар Марта ҳәм Мәриям жасайтуғын аўылға келди. Марта үлкени болып, ол көп санлы адамларды аўқатландырыў ушын, бәрқулла аўқат таярлаў менен шуғылланатуғын еди. Бирақ... сиңлиси... Мәриям, сен сыяқлы Мәриям, Ийемиздиң аяқларының қасында отырып, Оның сөзлерин тыңлаўы арқалы бахытлы еди. Марта Мәриямның өзине үй жумысларына көмеклеспейтуғынына қапа болып, оның үстинен Ийсаға шағым жасады. Ийса былай деп жуўап берди: «Мәриям ең жақсысын таңлады, бул оннан тартып алынбайды» Мен... Марта сыяқлы шығарман. Мен... бәрқулла келешек туўралы ҳәм бүгин не ислеўим кереклигин ойлап тынышсызланаман. Бирақ... мениңше, жақсы зайыптың, ҳаялдың сыры ўақтында дуўа етиў ҳәм Мухаддес Жазыў үстинде ойланыў менен өткизиў ҳәм Ийса туўралы ҳәр күни ойлаўдан ибарат. Мен дуўа еткенимде, өз жүрегимди тынышландыраман ҳәм Қудайдан өзим менен сөйлесиўин сорап, Оның даўысын тыңлайман. Сонда мен көбирек Мәриямға ҳәм... азырақ Мартаға уқсайман. Рахмет, Сара. Сара ҳақ. Өмир ҳәр бир жаңа күн сайын өтип баратыр. Ҳәр күни биз Ийемиз бенен қарым-қатнасымызды биринши орынға қойыўымыз керек. Бизге әне усы нәрсе қуўаныш әкеледи. Күйеўиң менен өмирден рәҳәт ал, Мәриям. Нехемия пайғамбар: «Ийемиз алдында қуўаныш – бул бизиң күшимиз», – деген еди. Кишкене затлардан қуўаныш тап ҳәм миннетдар бол. Ҳәр күни барлық мүтәжликлериңди ҳәм сораныўларыңды Ийсаның аты менен аспандағы Әкеге алып кел. Күйеўиң бар ма, я жоқ па, әҳмийетли емес, усылай жасаў керек. Биз буны билемиз, солайма Далия? Cолай деп ойлайман. Әлбетте, аўа. Биз қандай болсақ, Қудай бизди сондайлығымызша жақсы көреди, қарағым. Елши Павел, ҳәтте, хожалықлы болғаннан жалғыз болыў жақсырақ деп жазған еди. Рас па? Аўа. Ол бойдақлар өзлерин Қудайға толық хызмет етиўге бағышлай алады, деген еди. Ол бойдақ болыў айрықша жарылқаў екенин көрсеткен еди. Бул туўралы тек Мәриямға айтпа. Өмирдиң ҳәр қандай жағдайында да, Қудай бәрқулла ийгиликли. Ол бизди күйеўимиз барлығы, я жоқлығы, баламыз барлығы, я жоқлығы себепли емес, ал Өзи менен айрықша қатнас ушын жаратқан. Ол бизиң ҳәр биримизге қуўанады! Биз тек бул сүйиспеншиликти Ийса арқалы қабыл етиўди үйрениўимиз тийис. Апа, мен сени соншелли жақсы көремен. Саған ҳәммеси ушын рахмет. Мен сени бәрқулла жақсы көремен. Сен ушын ҳәр күни дуўа етемен, балам. Олар әлле қашан келди. Күйеў бала келди! Мине, күйеў! Ўақыт болды, кеттик, кеттик. Ол бул жерде! Ол киятыр! Енди қәлеген ўақытта! Ол киятыр ане! Оны көрип турман! Даўыт! Келдиң бе? Әлбетте, келдим. Бугин сениң тойың. Мине, ол, аға. Бизлер келинге келдик. Сен сондай гөззалсаң! Сен мени бир нәзериң менен тутқын еттиң. Мойныңдағы бир моншақ пенен. Шетке! Жолдан қаш! Ол қай жерде? Қай жерде ол? Илтимас, бул жерде емес. Мен оны таптым! Мине, ол! Байлаң оны! Байлаң! Көтериң оны! Яқ! Кеттик! Бурыл! Жүр! Алып шығың! Яқ! Даўыт! Апа! Апа! Бул той биз қатнасқан тойларға неси менен уқсайды, неси менен уқсамайды? Нораның он қыз туўралы айтқан гүрриңи, бизиң өмиримиз туўралы не айтады? Сара айтқан Марта ҳәм Мәриям туўралы гүрриңде сиз өзиңизди кимге уқсатасыз? Сизиң уқсаслығыңыз қандай? Нора ҳәм Сараның гүрриңлери неси менен уқсайды? Қудай менен жасаў баслы орында болыўы ушын, сиз не ислей аласыз?
JesusFilm