1 of 14Relationships · 14 chapters

Friends and Enemies

A frustrated Sara talks with Rivka about her hatred for the thieves who hurt Ayoub and stole half their flock. Rivka encourages her to forgive them. Mariam admits she hates the Romans. Rivka points out that Jesus said to love our enemies. She says forgiveness isn't a common thing in the world. And that Jesus forgave us, even while He was still on the cross. God sets the example for us. While we were still His enemies, He did the most loving thing He could do: He sent Jesus to die for us so we could be reconciled with Him. Jesus also prays for and forgives everyone around Him as He hangs on the cross: "Father, forgive them. They don't know what they're doing" (Luke 23:34). There are many people in life we won't be friends with. Jesus actually promised us that as His followers, we would definitely have enemies. But like God the Father and like Jesus, we should remember to pray for them. We should forgive them because we know what real forgiveness is, thanks to God. And like everything else, we can't do any of that in our own power. We must be filled with the Spirit.

Ask yours

Bible Quotes

Share
Luke 23:34

Then Jesus said, “Father, forgive them, for they do not know what they are doing.” And they divided up His garments by casting lots.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Romans 5:8

But God proves His love for us in this: While we were still sinners, Christ died for us.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Free Resources

Want to understand the Bible more deeply?

Join our Bible study

Transcript

Karakalpak (Қарақалпақ тили)
Ривка Дослар ҳәм Душпанлар Аюп тәшиўишленип атыр. Яқып бизиң падамыздың тек ярымын ғана таўыпты. Қалғанлары айдап әкетилген ямаса қашып кеткен. Аюп усы себепли бизде Антиохияға барыўға ақша жетпей қалады, деп қорқады. Егер де биз ҳүжим қылғанларды тапқанымызда, билмеймен оларға не қыларымды. Жақсы көрген адамың қыйналса, жүдә аўыр. Аўыр? Мен бул адамларды жек көремен. Сара. Есиңде сақла: жек көриў тек өзиңе зыян. Сен оларды кешириўиң керек. Мен билемен. Бирақ гейде ислеўим керек нәрсени ислегим келмейди. О. Тусинемен. Бул қыйын. Ривка! Қаяқтасаң? Ривка. Бүгин ҳүкимдар менен ушырасаман... Бул ким? Бул мениң достым Сара, Харон. Досларыңның және биреўи. Ривка. Егер сол жалатай Миха мени излесе, оған аша гөр ме. Ол өтирикши ҳәм уры. Мен оны көргим келмейди. Оларға тек ақша керек. Сара. Харон. Мениң менен тартысыўға қандай батылың барды, Ривка! Оны кешириў дейсең бе? Сениң «руўхый» былшылдың ҳаялларға келиседи, ал мен ҳақыйқый дүньяда жасап атырман. Мен душпанларымды билемен! Оның маған не ислегенин қалай умытып болады? Миха тек саған... Қапыны ашыўшы да болма, Ривка. Сол «досларыңнан» сақ бол, Ривка. Көрискенше. Харон! Мен кеш келиўим мүмкин, әзийзим. О, әзийзим. Мени уялтып тасладың-ғо. Не деримди де билмей қалдым.. Мен күйеўимди жақсы көремен. Мен ол ушын дуўа етемен. Бирақ гейде оның менен қыйналып кетемен. Сен анам сыяқлы сөйлейсең. Ривка апа. Сара, ҳәзир-ақ қайт. Әкем үйде! Үйде? Кеткенине уш ай да болмады-ғо. Бахытсызлық жүз берди. Оның көзлери... Көзлери? О, апа, сен бизлер менен бара аласаң ба? Ислер шатақ. Аўа, әлбетте. Рахмет. О. О! Сүйиклим! Усы жердесең бе, я бул түс пе? Аўа. Усы жердемен. Бул түс емес. Олар саған не ислеп қойды? Бахытсыз ўақыя, Лейла. Тас сынықлары көзлериме түсти. Муўса. Көзлериң! Бахытсызлық жалғыз келмейди... Зәҳәрлениў басланды. Егер де ҳәўлиде отырған әскер болмағанда... Ол жәрдем берди. Биз, биз оған рахмет айтыўымыз керек. Мен оған бир нәрсе таярлап бергим келип тур. Яқ. Қызларымыз оған ғамхорлық қылады. Мәриям Сараға кетти. Әке? Сара! Әке! О, яқ, турма. Үйде болғаның қандай жақсы, әке. Илтимас, отыр. Аўа. Ҳәўлидеги ким? Оның аты Титус. Дастурханға мирәт етиўиңиз керек. Ол мени үйге алып келди. Бирақ, әке. Ол – рим әскери-ғо. Аўа. Билемен. Егер ол болмағанда, мен еле Бейрутта, буннан да жаман аўҳалда болған болар едим. Мен бул әскерге бир өмир қарыздарман. Оған үйде аўқат бериўимиз керек пе? Аўа. Үйде. Яқшы, әке. Бирақ әке көзлериңди биреў көриўи керек. Ривка апа усы жерде. Ол көриўи мүмкин. Сол ҳаял ма? Болмайды ҳеш қашан. Оннан да өлгеним жақсы! О, Муўса, ол болмағанда, мен қашшан өлген болар едим. Сен буны билесең. Апа, ол усы жерде. Сен – қырсық ғаррысаң! Сен римлиге үйде аўқат берип, ағайинимиз Ривканы қабыл еткиң келмей ме? Оның күйеўи ким болғаны әҳмийетли емес, ол жақсы ҳаял ҳәм ең жақын дос. Әке, сениң үйде болғаның себепли қатты бахытлымыз. Саған ғамхорлық көрсетиўге рухсат ет. Ривка апа саған жәрдем берсин. Оның қол тийгизиуине жол қоймайман. Әке, оның қол тийгизиўиниң кереги жоқ. Оған көзлериңди көриўге рухсат ет. Ривка апа, әкемди кешириң. Тәшиўишленбе, қарағым. Мен түсинемен. Илтимас, кетпе. Әкем рухсат етти. Тек сен оған қол тийгизбе. Козине байланғанларды озим аламан, сен зәрүр нәрсени исле. Яқшы, қолдан келгенше Әке, аўырды ма? Яқ. Аўырмайды. Уйде көзимди байлаўдың кереги жоқ, деп ойлайман. Бул жерде зәҳәрлениў бар. Мен тазадан байлайман. Сен, сен бир нәрсе көрип турсаң ба? Яқ. Яқ еле. Сен жатып, дем алыўың керек, Әке жол журип шаршағансаң. Аўа, аўа. Даўыт қәне? Әке, өтиниш, римли кеткеннен соң. Не ушын? Не болды? Бизлер саған кейин айтып беремиз, әке. Мен онда Ханохтан, ағайинимиз Юнустың баласынан сорайман. Пүткил жол бойы тойымызды ойлап келдим, Мәриям, сениң тойыңды. Әке, маған Ханох қызық емес. Аўа! Мен билетуғын едим. Солай етип, өзиңниң унататуғының бар. Лейла, сен оны мақуллайсаң ба? Аўа, қәдирлим Муўса. Бирақ дурысы, Муўса, ол қызығады ма, яқ па, бул анық емес. Сен жоқта ол жүдә мийримли болды, бизлерге жәрдем берди. Ол ким, Яқып? Аўа. Яқып. Яқшы. Бетер болыўы да мүмкин еди. Саған тынышлық керек. Барағой Рахмет. Әкем қашан болмасын және көрип кете ме? Айта алмайман. Ауырыуы қатты асқынлап кетген, ўақтында емленбеген. Әкем рим әскерин үйге әкелгенине исенгим келмейди. Римлилерди жек көремен. Ийса римлилерди жек көрди, деп ойлайсаң ба, Мәриям? Ийсаның не айтқаны есиңде ме? Ол душпанларымызды сүйиўимиз кереклигин айтқан еди. Усы нәрсе бизди ажыратып турады. Дүньяда адамларға кешириў соншелли қыйын. Тек жақсы болғанларға олар жақсылық қылады. Қудай бизди Оған душпан болған ўақтымызда сүйген, Ол бизден де соны сорайды. Бизге жаманлық қылатуғынларды сүйиў. Мен атанақтағы Ийсаны ойлағанымда... Ол, ҳәтте, Өзин өлтиргенлерди де кеширген. Ол сени де, мени де кеширеди. Егер Ол буны бизлер ушын ислеген болса, биз өзлеримизди қапа қылғанларды кешириўимиз керек емес пе? Сен әкемизге жәрдем берип турып, усыны сезесең бе? О. Сен не душпаныңды сүйесең бе? Сениң әкең маған душпан емес, қарағым. Ол тек солай ойлайды. Мына мәлҳәмды таңбастан бурын көзлерине жақ. Аўа. Душпанларды жақсы көриў аңсат емес. Ҳеш ким буны аңсат демеген. Сен ол ушын дуўа етиўиң керек. Ол ушын дуўа етиў? Ҳаў! Яқып, ишкериле. Ҳәммеси жақсы. Биз оны аўқатландырмақшымыз. Бул жерде, дәрўаза қасында ким бар? Бул, бул Яқып екен, аке. О, Яқып. Өзиңсең бе! Қәне, оны баслап кел. Әкең үйде ме? Аўа, бирақ көзи көрмейди. Ол көзлерине зақым келтиргенликтен, асқынлап, соқыр болып қалды. Ўақытша сондай. Қатты аянышлы. Аға, жүр, саған жәрдем беремен. Яқып, сен неге бул жердесең? Ҳм...мен...мен... Мен атызда малларға қарап атырып, хәм... Не, тилиңди жутып қойдың ба? Сондай да болып турады. Аўа, аға. Әкең қалай, жақсы ма? Жүдә жақсы, рахмет. Сиз қалайсыз? Енди таўирмен. Аўа. Тилеклеспен. Мен кетиўим керек, аға. Аўа. Аўа. Егер маған басқа ҳеш нәрсе айтыўды қәлемесең, жақсысы кете бер. Хош болың. Маған да ҳеш қандай машқала керек емес, түсиндиң бе? Ҳәммесин дурыс ислеў керек. Рахмет. Көрискенше. Мәриям. Мәриям. Өткен түнде әжағаң келип еди. Сизлердиң аўҳалыңызды сорады. Оған бир нәрсе деп қояйын ба? Әскер туўралы оған айтпа. Әкемниң келгенин айт. Қәлесең, оннан қайтыўды сорайын ба? Яқ. Ол өзи келеди. Рахмет, Яқып. Маған қолайсыз... Ҳм, мен әкемди...нәзерде тутып атырман. Аўа, ҳеш гәп. Кешки аўқат таяр. Биз дәслеп әскерди аўқатландырсақ бола ма? Ол жеп болғаннан соң, бизлер отырамыз ба? Gratias.  (Рахмет.) Не ушын адамлар бир-бирин жек көреди? Не ушын сиз өзиңизге қәдирли адамды сүйесиз? Ривка Муўсаның қабыл етпегенине жуўап ретинде өзин қалай тутты? Ийсаның сөзлери бизге сүйиспеншилик туўралы не дейди? Бул сөзлерди өмиримизде қалай қолланыўға болады?
JesusFilm