1 of 3Training · 3 chapters

Sharing the News

Dawud gathers the whole family and he apologizes for the trouble at the wedding. He starts by telling them about his mother's faith in Jesus. But Dawud thought she had been led away from their religion. He says that when he was in prison, a man appeared to him. The man's eyes glowed like fire. Everything Dawud had ever done was presented by the man. He says he's learned that when man and woman were created, they had a relationship with God. But when they disobeyed, that relationship was broken. So God provided Jesus to die for their sins. Dawud declares that Jesus has saved his life. The family asks why they should believe. Dawud says Jesus was raised from the dead. Rivka's asked to speak about Mary Magdalene's experience with the risen Jesus. She tells how Mary saw the empty tomb and spoke with Jesus. Dawud says that if they believe in the Lord Jesus and are baptized in His name, they can be saved from their sin and shame. Rivka and Mariam watch the sunset together. They marvel over everything that's happened. Mariam declares she knows that God is with them. When we follow Jesus, we receive the power of the Spirit and the call to share the gospel with others. Instead of relying on one person's opinion, we need to point people back to Jesus and the truth of Scripture.

Ask yours

Bible Quotes

Share
Isaiah 53:5

But He was pierced for our transgressions, He was crushed for our iniquities; the punishment that brought us peace was upon Him, and by His stripes we are healed.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Matthew 28:19-20

Therefore go and make disciples of all nations, baptizing them in the name of the Father and of the Son and of the Holy Spirit, and teaching them to obey all that I have commanded you. And surely I am with you always, even to the end of the age.”

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Acts 1:8

But you will receive power when the Holy Spirit comes upon you, and you will be My witnesses in Jerusalem, and in all Judea and Samaria, and to the ends of the earth.”

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Free Resources

Want to understand the Bible more deeply?

Join our Bible study

Transcript

Karakalpak (Қарақалпақ тили)
Ривка Хош Хабар Айтыў Аға, бүгин аўҳалың қалай? Кешегидей, бурын қандай болса, сондай. Соқыр ҳәм бийпайда. Сен бийпайда емессең, аға. Аҳ, аўа, умыттыппан. Мен – әжайып шопанман. Меннен басқа ҳеш ким падаға жақсырақ қарай алмайды. Ал тасларға келсек, тик жарды ҳәммеден жақсы көремен! Бизиң пайдамыз қара мийнеттен де артық, аға. Қудайдың сүйиспеншилиги ким қандай болыуына тийкарланбаған. Маған сениң аяғаның керек емес. Бар тек жумыс исле! Мен сени аяғаным жоқ. Аға, Досларымыз ҳәм хожалығымыз Мәриямның туўылған күнин байрамлаўға жыйналғанда, олар менен сөйлеспекшимен. О, сөйлесежақсаң ба? Мен өлип қалдым ба? Яқ. Сениң орныңа емес, аға. Бирақ мен үлкен ул сыпатында, қамақтан азат болғаным туўралы айтып бергим келеди. О, яқ. Сен усы гүрриңди туўысқанларыңа айтып бермекшимисең? Егер олар меннен еситсе, жақсырақ болады, деп ойладым. Бул сораў ма я шешимиңбе? Мен айтпақшы болғанларыма пәтия бериўиңди сорайман.Қудай усыны буйырып атыр. Мен сени қашан тоқтата алғанман? Рахмет, аға. Келгенлериңиз ушын рахмет. Мениң үлкен улым Даўыт бир нәрсе айтпақшы. Мен оны мақулламайман, бирақ ол мениң улым. Мениң әкем – жақсы адам. Ол маған жүдә сабырлы болды. Ол маған өзимниң қалай азат болғаным туўралы сизлер менен бөлисиўге рухсат етти. Сизлердиң ҳәммеңиз Мәриям ҳәм Яқыптың тойында бизлер менен бирге болғаныңзды билемен. Сол кешени бузғаным ушын кеширим сорайман. Бирақ мен сизлердиң ҳәммеңизге кейин не болғанын ҳәм не ушын бүгин бул жерде екенимди қарындасымның туўылған күнинде айтып бергим келеди. Анам Лейладан Ийсаға деген исеними туўралы еситкениңизге исенимлимен. Ол Масих туўралы айтып мениң менен де сөйлесетуғын еди. Мен оған исенбейтуғын едим. Оны ата-бабаларымыздың исениминен қайтарды деп ойлайтуғын едим. Мени қолға алғанда, римлилердиң мени өлтириўи мүмкин екенин билетуғын едим. Мен азапланыўдан, өлимнен қорқатуғын едим. Бирақ анам сизлердиң көбиңиз сыяқлы, мен ушын дуўа етти. Мен бул ушын миннетдарман. Түнде... мен жыллылықтан ҳәм... қамақханада жарқыраған жақты нурдан оянып кеттим. Мен алдымда турған бир адамды көрдим. Ол таза ҳәм мухаддес еди. Көзлери от сыяқлы еди. Кейин Ол мениң менен сөйлести. Ол маған ислеген нәрселеримниң ҳәммесин айтып берди. Жүрегим жарылып кетеди, деп ойлаған едим. Мен жылап жибердим. Басқа тутқынлар уйықлап атыр еди,ал мен еденге жүзимди берип, Ийемиз Ийсаның аяқлары жанында жылап тур едим. Дәслеп мен...мен түсинбедим. Бирақ меннен данарақ адамлардан... көп нәрселерди билип алдым. Мухаддес Жазыў Қудайдың дүньяны жаратқанын сөз етеди. Ол адамды Өзи менен жасаў ҳәм Оның қуўанышын сезиў ушын жаратты. Бул Оның жобасы. Бирақ олар исенбеди ҳәм буйрықларға бойсынбады. Усы жаман ис оларды Қудайдан айырып таслады ҳәм ер адам менен ҳаял арасындағы өз ара қарым-қатнасты бузды. Биз де тыңламаўды даўам етип атырмыз. Мухаддес Жазыў гүнаның нәтийжеси – өлим ҳәм Қудайдан айырылыў екенин айтады. Бирақ Қудай Өзиниң сүйиспеншилигинен кесилип қалғаныңызды, қорқып уятта жасағаныңызды қәлемейди. Сонлықтан Ибрайымның улының орнына қурбанлық қойын бергендей, Қудай Ийсаны бизлер ушын өлиўге жиберди. Бирақ бул жүдә жаўызлық-ғо! Ал бизиң үрп-әдетлеримиз, жазбаларымыз, хәм пайғамбарларымыз не болады? Иним, Ийса келместен жүзлеген жыллар бурын, пайғамбар Мухаддес Жазыўда ўәде етилген Масих, азап шегетуғынын болжап айтқан еди. Ийшая былай деп жазған еди: «Ол бизиң қылмысларымыз ушын жарақатланды, бизиң жынаятымыз ушын азап шекти; Тынышлық алыўымыз ушын берилетуғын жазаны ол алды. Оның жаралары бизлерге шыпа берди». Муўса былай деп жәриялаған еди: «Терекке асылған ҳәр бир адам нәлетий». Ийса атанақ ағашта өлгенде, Ол бизиң гүна ҳәм өлим менен нәлетлениўимизди Өзине жүкледи. Оның қурбанлығы ҳәм өлимнен тирилиўи бизди жаманлық күшинен азат етти, қорқыныштан, уятта жасаўдан, ҳәм қараңғылықтан қутқарды. Бул жарылқаўды бабамыз Ибрайымға ол арқалы дүньяның барлық халықлары жарылқанады деп, ўәде еткен еди. Мени ҳәммеңиз тыңлап алың! Усы Ийсаның Өзи маған қамақханада көринди. Мен исенемен, яқ мен билемен, Ол – ўәде етилген Масих. Ол мен ушын өлди ҳәм маған жаңа өмир берди. Мениң Ол менен ушырасыўымнан соң, енди өлимнен қорқпайтуғынымды түсиндим. Көрип турғаныңыздай, Ол мени қамақтан қутқарды. Мен билемен, Ол мен ушын оннан көбирегин ислеген. Басқа атанақ ағашқа шегеленгенлер сыяқлы мен де өлиўим керек болғанын анық билемен. Сен қамақта қосғалаңшы сыпатында отырғансаң. Сен римлилер туўралы өз пикириңди өзгерттим, дейсең бе? Өмиримиздеги терең мүтәжлик сиясат пенен байланыспаған. Бизиң ҳақыйқый мүтәжлигимиз – бул Қудай менен жарасыў. Мен адамлардың сиясатын өзгертиўге ҳәрекет еттим. Қудай адамның жүрегин өзгертиўди қәлейди. Ийса Қудайдың таңлаўлысы екенине не ушын исениўимиз керек? Себеби Қудай Оны өлимнен тирилтти. Бүгин бизлер менен болған Ривка усы өлимнен тирилиўдиң гүўасы болған ҳаялды жақсы биледи. Ривка апа, сен бизлерге Магдалалы Мәриямның не айтқанын айтып бере аласаң ба? Магдалалы Мәриям бул туўралы көп мәртебе айтқан еди. Ол Ийсаның қалай өлгенин көрген. Оның денесин қәбирге қойғанын да көрген. Ал кейин... ерте таңда... атанақ ағашқа шегелениўден үш күн кейин, Мәриям ҳәм басқа ҳаяллар Оның денесине жағыў ушын хош ийисли затларды алып қәбирге келди. Олар жақынлағанда, қәбирдиң аўзын жаўып турған тас алынып тасланғанын көрди. Олар Ийсаның денесин урлап кеткен деп ойлады. Кейин олар бос қәбирдиң қасында еки периштени көрди. Сонда периштелер оларға Ийсаның өлимнен тирилгенин айтты. Ҳаяллар қалған шәкиртлерге хабарлаў ушын жуўырысып кетти. Сонда Петр ҳәм Юхан ҳаяллар менен қәбирге қайтып келди. Олардың ҳәммеси бул жерден кетип қалғанда, Мәриямның бир өзи сыртта қалды. Ол не болып атырғанын түсине алмай, жылай баслады. Булардың ҳәммеси соншелли түсиниксиз еди. Бирден ол жалғыз емес екенин түсинди. Оның менен бир ер адам сөйлесе баслады. Ол былай деди: «Ҳаял, сен неге жылап турсаң? Сен кимди излеп жүрсең?» Ҳаял бағман шығар деп ойлап, былай деди: «Мырза, егер Оның денесин сен алып кеткен болсаң, Оны қай жерге қойғаныңды айт, мен алып қайтайын». Сонда ол ҳаялдың атын айтып шақырып: «Мәриям!» – деди. Сонда ол басын көтерип, Ийсаның өзи менен сөйлесип турғанын түсинди! Ол алдында турған еди. Ҳаял Оған жуўырып барып, аяқларына жығылды. Бул туўралы Мәриямның өзи маған айтып берген еди. Ийса Өз избасарларына қырық күн даўамында көп мәртебе көринип жүрди ҳәм оларға көп тәлим берди. Кейин, Зәйтүн таўында, Ол туўры олардың алдында аспанға көтерилип кетти. Бул биз ушын нени аңлатады? Мен ушын? Ийемиз Ийсаға исениң ҳәм Оның атына суўға шомылдырылың. Оған исениң сонда гүнадан, масқарашылықтан азат боласыз ҳәм Ийса менен жаңа өмирде жасайсыз. Мен де Масихты таныдым! Ол мениң өмиримди өзгертти ҳәм маған қартайғанымда үлкен қуўаныш берди. Ол мениң өмиримди өзгертти. Мениң де. Мениң де. Қудай Өз атын айтып шақырған ҳәр бир адамға жаңа өмир береди. Бул Ийса бүгин бизге әкелетуғын Хош Хабар. Ол тири Ол усы жерде. Тап ҳәзир арамызда. Усының менен болды. Сиз Ийсаның өмири ҳәм Оның шәкиртлери туўралы көбирек билиўди қәлейсиз бе? Мен сизиң Ийсаңыз туўралы ойлап көрдим. Солай ма? Даўыт туўралыда. Мен онша түсинбеймен, бирақ усылардың ҳәммеси ҳақыйқат екенине исенгим келеди. Мен исенгим келеди, бирақ... Сени не иркип тур? Егер мен сизлер сыяқлы... болсам, ата-анам не дейди? Мениң исенимим жеткиликли деп ойламайман. Мен Даўыт сыяқлы, ҳәтте, Ийсаны да көрмедим. Мен де Оны көрмедим. Ол бизлердиң ҳәр биримизге ҳәр түрли болып көринеди. Бирақ сен Оннан сораўың мүмкин. Не деп? Исеним туўралы. Батыллық туўралы. Қудайдан саған ҳақыйқатлықты көрсетиўди сора. Биз дуўа етсек бола ма? Әлбетте. Тек... Оның менен өз сөзиң менен сөйлес, жүректен сөйлес. Даўыслап па? Ийем, соңғы ҳәпте ишинде соншелли көп нәрселерди еситтим ҳәм ҳәммеси сондай әжайып. Мен досларым сыяқлы Сени билгим ҳәм Саған исенгим келеди. Маған өзимде жоқ нәрсени бер. Маған...Исеним...ҳәм батыллық бер. Маған ҳақыйқатлықты түсиниўге жәрдем бер. Рахмет, Ийем. Мен Оны... еситти деп ойлайман. Сондай екенин билемен. Егер мен Ийсаның избасары болыўды қәлесем, не қылыўым керек? Қудайға Ийсаның... Ийемиз ҳәм Масих екенине ҳәм Оның гүналарың ушын... атанақ ағашта өлгенине исенетуғыныңды айт. Ийсаның... қурбанлығын, Оның кеширимин... азатлығын ҳеш уялмай қабыл ет. Оған өз өмириңди тапсыр. Сонда сен мәңгилик өмирге ийе екениңди билесең. Егер мен усыны ислесем, ата-анам не болады? Қудай сениң ата-анаңа жақсы қыз болыўыңды қәлейди. Бирақ... сен ең алды менен Оның қызы болып, Оған ериўиң керек. О, қандай әжайып бала. Бизлер анам менен бирге бул жерге қуяштың батыўына қараўға келген едик. Сен сағынып атырсаң. Ҳәр күни. Гейде мен бала ҳәм Даўыт ушын еткен дуўаларыма Қудайдың қалай жуўап бергени туўралы ойлайман. Бирақ Ол анамды алып кетти. Қудайдың жоллары – бизиң жолларымыз емес. Аўа. Бирақ Ол бизлер менен бирге. Усылардың ҳәммесинен тысқары, мен билемен: Ол мениң менен бирге. Мен Оның менен ҳәмме нәрсе туўралы сөйлесе аламан. Бул ҳәмме ўақытта дәртти жоқ қылмайды, бирақ Ол маған оған шыдаўға жәрдем береди. Аўа, сондай, мен шөл арқалы өтип атырғандайман, Ол сонда мениң менен бирге болып, ҳәтте, усы қурғақ, күйип кеткен жерде де қуўаныш береди. Сиз усы эпизодтағы кимге көбирек уқсайсыз? Өзиниң исенимге келгени туўралы Даўыттың басқаларға айтып бергенине ҳайран қаласыз ба? Не ушын аўа, не ушын яқ? Ривка Магдалалы Мәриямнан еситкен, Масихтың өлимнен тирилиўи туўралы гүрриңди айтып бериң. Мәриям менен Далияның сөйлесиўин қалай баҳалайсыз? Мәриям менен Ривканың жуўмақлаўшы сәўбети сизге өзиңиздиң Қудай менен жеке қарым-қатнасыңыз туўралы не айтады?
JesusFilm