4 of 12Rivka · 12 chapters

Troubled Times

Mariam is concerned because people are saying the attack may have been because they follow Jesus. Everyone must choose, like the rich young ruler. The rich young ruler asked Jesus what he had to do to get eternal life. Jesus told him to sell everything and follow Him. Noura says she's heard what the town is saying but declares that she will stand with the family. Mariam says she will continue to choose to follow Jesus, no matter what. Rivka and Noura talk in the courtyard. Noura says she's been thinking about Jesus and finds herself believing that Jesus is the Messiah. Rivka asks if she's ready to give her life to Jesus and follow Him.

Ask yours

Bible Quotes

Share
Psalm 46:1-2

For the choirmaster. Of the sons of Korah. According to Alamoth. A song. God is our refuge and strength, an ever-present help in times of trouble. Therefore we will not fear, though the earth is transformed and the mountains are toppled into the depths of the seas,

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Matthew 7:24-25

Therefore everyone who hears these words of Mine and acts on them is like a wise man who built his house on the rock. The rain fell, the torrents raged, and the winds blew and beat against that house; yet it did not fall, because its foundation was on the rock.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Free Resources

Want to understand the Bible more deeply?

Join our Bible study

Transcript

Karakalpak (Қарақалпақ тили)
Ривка Қозғалаңшы Заман Сара! Не болды? Қарақшылар қойларды урлап кетти. Олар оны қатты урған. Аюп! Аюп! О! О! Олар бир неше қойды алып қашып кеткен, бирақ қалған қойлардың көбиси тарқап кетипти. Берман келиңлер. Үйге кириңлер. Әсте. Оны бул жерге жатқызың. Мен олардан дерлик қутылып қалдым. Бул жерде турма, бар, қудықтан суў әкел. Тез! Сара! Даўыт қай жерде еди? Ол жоқ еди. Не? Сен оған қойларды бағысасаң. Ол ушын, жыллы төсектиң орнына қара жерде жатасаң. Ол сени жалғыз таслап кеткен бе? Сара. Рахмет, Яқып. Аюптың маған ислеген жақсылығының, мен ярымында ислемедим. Онда мен қашып кеткен паданы жыйнайман. Мен қудық жанында Далияны көрдим. Қаладағы ҳәмме әлле қашан биледи. Тыныш! Оның қоллары қатты жарақатланған! Бул биз бенен Иса Масихқа исенгенимиз себепли болды, дейди Далия. Олар бизди ата-бабаларымыздың жолынан шықты, дейди. Мүмкин. Мүмкин, олар маған исенимим себепли ҳүжим қылған шығар. А! Тсс. Аюп, өтиниш. Бундай, бундай болыўы мүмкин, бе я? Пүткил қала бизге қарсы ма? Ийсаны Өз шәкиртлери қабыл қылмаған. Ол Өзин өлтиретуғынын билсе де, Қудайға бойсынды. Әзийзим, тынышлан! Ол бизлердиң мынаған таяр болыўымыз кереклигин айтты. Мен түсинемен. Дем ал. Бул Оған ериўдиң бир бөлеги. Тыныш, Аюп. Өтиниш. Сондай я басқаша...а! Биз қашан таңлаў кереклигин билмеймиз, Сол жас бай жигиттей. Тынышлан. Не айтпақшы екениңди билемен. Биз Ийсаға ериўимиз тийис, бәрқулла. Жас бай жигит мәңгилик өмирди алыўы ушын не ислеў кереклигин Ийсадан сораған еди. Ол Қудайдың буйрықларын жас ўақтынан-ақ орынлағанын айтты. Сонда Ийса былай деди: «Және бир нәрсе жетиспейди. Өзиңде бардың ҳәммесин сатып, ақшаларыңды жарлыларға бөлистир сонда аспанда байлыққа ийе боласаң. Кейин, Маған ер». Ол таңлаўға мәжбүр болды ҳәм Ийсаның орнына байлықларын таңлады. Мүмкин, биз абырайымызды, қәўипсизлигимизди қурбан етиўимиз керек шығар? Мүмкин. Ол бизди изине ериўге мәжбүрлемейди. Өтиниш, әзийзим. Есиңде ме. Ийса (ыңырсынып) Ийса...егер Оның сөзлерин тыңламасақ, яқ орынламасақ, биз қумға салынған үй сыяқлы болатуғынымызды айтқан еди. Суў тасқыны келгенде, ҳәммесин жуўып кетти. Бирақ тасқа салынған үй... Бирақ тасқа салынған үй... бул Онда салынған өмир. Жаўынлар жаўып, самаллар есиўи мүмкин... Бирақ үй ҳеш қашан қуламайды. Өтиниш, шабазым, дем ал Аюп! Не болды? Сен оны таслап кеттиң, ол таяқ жеген! Не? Ол тири бирақ сен себепли емес. Егер де Яқып сол жерде болмағанда... Ҳеш қандай пайдасы жоқ, аға, олар жүдә көп. Әттең, Аюп. Мен қалыўым керек еди. Сен қай жерде едиң? Мен биреў менен ушырасуым керек еди. Таң атпастан ба? Бир нарсе айтыўға келдим. Мен сизлер туўралы гап еситтим. Бирақ мениң жумысым жоқ. Рахмет. Рахмет. Сизлер мениң қоңсыларым ҳәм досларымсыз, мен сизлер менен биргемен. Қалада не айтса да, мен Ийсаға исене беремен. Ҳәтте, ақсақаллар саған қарсы болса да ма? Мен үлкенлерди бәрҳа ҳүрмет етемен. Бирақ өмирим ушын, Қудай алдында жуўап беремен. Баримиз жуўапкермиз, Мәриям. Мен жаңа ғана Аюп туўралы еситтим. Ривка апа. Келгениңиз жақсы болды. Аўа, келгениң ушын рахмет. Қалайсаң, Аюп, бир жериң сынды ма? Мен жақсыман. Яқ, мениңше, оның қолы сынған. Эҳ, егер биз... ҳәммесин тез ислесек, испей турып, сынықты бириктиремиз. Ҳм, Мәриям, бизге таза таўар керек, әкеле аласаң ба? Юшам сынықты сала алатуғын еди. Мүмкин, жәрдем берермен. Күшлирек биреў керек деп ойлайман. Даўыт? Солай, сен оны ийнинен былай услап тур. Мынаны тисле. Рахмет, әзийзим. Аюп – жақсы жигит. Аўа, аўа, мен қосыламан. Қолы питип кетеди деген үмиттемен. Саған рахмет, Ривка. Сынық жаман болмағанына қуўанышлыман. Мүмкин, отырып, дем аларсаң. Аўа, қарағым. Бул әжайып болар еди. Гейде биз қыйыншылықлардан өтемиз. Жеңилип қалмаўымыз ушын. Биз солай шыпа табамыз. Сен Аюпқа қарағанда көбирек түсинесең, деп ойлайман. Мен соларды ойладым...Насыралы Ийсаны ҳәм сениң Ол туўралы айтқанларыңды. Солайма? Оның сөзлери күшке ийе. Оларды күни бойы ойлап жүрмен ҳәм жүрегим жубаныш тапты. Мен түсиндим, енди исенемен, Ол Қудай жиберген Мухаддес. О, Нора, бул әжайып! Оған ериўге таярсаң ба? Оған өмириңди тапсырыўға. Мениң өмирим арзымас. Ол дерлик өтип кетти. Бирақ қалғанының ҳәммесин егер Ол қәлесе, мен қуўанышлы түрде Оған беремен. Әлбетте, Ол қәлейди. Ийса жүзимбағ ийеси туўралы бир ўақыя айтқан еди. Ол ерте азанда шығып, жумысшыларды жаллады, оларға гүмис теңге ўәде етти. Бул күнлик ис ҳақы еди. Кейин күндиз басқа жумысшыларды жаллады. Күн батпастан бурын, ол атызына басқа адамларды әкелди. Кейин оларға төлеў ўақты келгенде, хожайын ҳәр бирине ис ҳақысын берди! Күни бойы ислегенлер ашыўланып қалды. Олар: «Бул соңғылар бир саат ғана иследи, ал бизлер жәзийрама ыссыда күни бойы мийнет еттик. Сен оларға бизлер менен тең төледиң-ғо!» «Ҳе, – деди хожайын, мен сизлерди алдамадым. Буннан тысқары, өзлериңиз бир гүмис теңгеге келистиңиз-ғо. Мен өз ақшаларым менен қәлегенимди ислеўге ҳақылы емеспен бе? Я мениң сақыйлығыма иш тарлық қылып турсыз ба?» Ийса гүрриңди жуўмақлап: «Соңғылар бириншилер болады, ал бириншилер соңғылар болады», – деди. Мүмкин, Қудайдың жүзимбағында ислеўге бир-еки саат ўақтың бар шығар, бирақ олар өмирдеги ең жақсы ўақыт болады. Ийса Өз шәкиртлерин, яғный бизлерди ҳеш қашан жалғыз таслап кетпейтуғынын ўәде еткен. Ол бул жерде, бизлер менен бирге! Бул дүньяны тәрк еткенимизде, Оның менен бирге боламыз. Бул – ең уллы қуўаныш ҳәм даңқ орны! О, бул хожалығыма машқала алып келеди,билемен. Бирақ шыпаланыў дәртке арзый ма? Әлбетте. Мениң менен дуўа етесең бе, Ривка? Аўа. Биреў сизди мақулламаса, я қабыл етпесе не қыласыз? Басқаны мақулламай турып, оны қалай ҳүрмет ете аламыз? Бай жигит туўралы гүрриңнен Мәриям нени билип алады? Сиз ушын қумға салынған үйлер нени аңлатады? Егер де сиз жүзимбағ гүрриңинде қатнассаңыз, қандай жумысшы болар едиңиз ҳәм не ушын?
JesusFilm