Women's Resources·23 of 80

Jätku Leiba thumbnail
ChapterJätku Leiba
La Búsqueda - The Search thumbnail
ChapterLa Búsqueda - The Search

Births

Ayoub asks for Moussa to bless the child. Moussa gladly holds the girl and tells her that the world is hard. He prays that God help her face what life brings, with health, happiness, and a long life. As the family celebrates, Dawud returns and he has a story to share. When he was arrested, he tried to stay silent during interrogations. But finally, he gave them information. He knew they would kill him now that he had nothing more to offer. One night, Jesus came to him in a dream. He had flowing robes, eyes like fire, and feet like glowing bronze. Dawud fell to his knees in fear and then worship. Dawud tells the other prisoners that he had seen the Lord. When the soldiers came for him, he wasn't taken to his death. Instead, he was released. His fine had been paid by Rivka's husband. Moussa insists Dawud stop. He pleads with him not to fall into another crazy group that might cost him his life. But Dawud and the whole family tell Moussa what it's like to know Jesus. As followers, their lives are in Jesus's hands. When we share our story with others, we should be prayerful, fearless and clear. "Spend a lot of time in prayer. Always be watchful and thankful. Pray for us too. Pray that God will open a door for our message. Then we can preach the mystery of Christ. Because I preached it, I am being held by chains. Pray that I will preach it clearly, as I should. Be wise in the way you act toward outsiders. Make the most of every opportunity. Let the words you speak always be full of grace. Season them with salt. Then you will know how to answer everyone" (Colossians 4:2-6).

Ask yours

Bible Quotes

Share
Matthew 16:24-26

Then Jesus told His disciples, “If anyone wants to come after Me, he must deny himself and take up his cross and follow Me. For whoever wants to save his life will lose it, but whoever loses his life for My sake will find it. What will it profit a man if he gains the whole world, yet forfeits his soul? Or what can a man give in exchange for his soul?

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Colossians 4:2-6

Devote yourselves to prayer, being watchful and thankful, as you pray also for us, that God may open to us a door for the word, so that we may proclaim the mystery of Christ, for which I am in chains. Pray that I may declare it clearly, as I should. Act wisely toward outsiders, redeeming the time. Let your speech always be gracious, seasoned with salt, so that you may know how to answer everyone.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Free Resources

Want to understand the Bible more deeply?

Join our Bible study

Transcript

Karakalpak (Қарақалпақ тили)
Ривка Туўылыў Не ушын бул созылып кетти? Бул ўақытты талап етеди, улым. Кел, отыр. Ҳаммеси жайында. Қорқпа, оның еле куши бар. Бари жақсы болады. Жақсы болады? Ол бақырып атыр! Ол – күшли ҳаял. Бари жақсы болады. Ауа? Ол... Ол жайында, Аюп. Тынышсызланба. Бала тез арада туўылады деп ойлайман. Аюп, қутлықлайман. Сулыў қызлы болдың. Қыз! Қыз, ҳа-ҳа. Кирсем бола ма? Ҳәзир болмайды жигит. Таяр болғанда, айтаман. Қутлықлайман, Аюп! Нух! Ҳәммеси тамам болды. Төмен түс. Нух сен аға болдың! Ол жерде ким бар? Қыз туўылды! О. Қутлықлайман, сиз ата болдыңыз. Перзентимиз жаңа дүньяға келди. О! Қутлықлайман! Қызлы болдым! Оны көрдиң бе? Сара қалай? Мен...мен билмеймен. Мени киргизбеди. Ол жайында деп ойлайсаң ба? Мен исенемен, оның аухалы жақсы, Аюп. Аға! Қутлықлайман! О, Яқып! Муўса, Аюп, Яқып, Нух. Келиңлер, әжайып қызыңызды көриңлер! А, мени жетелеп апар, балам. Ҳа! Оны қолыңа алғың келе ме? Аўа! Әке. Аўа. Бул қыз бала. Әжайып. Ол сондай әжайып. Аға, оған пәтияңды бересең бе? Әлбетте. Бул өткинши дүнья ҳәм аўыр заман. Бизиң ата-бабаларымыздың Қудайы бул нәрестеге нәзер салсын, тәғдири қандай болыўына қарамастан, жәрдем берсин. Оған ден саўлық, бахыт ҳәм узақ өмир берсин. Ол өзиниң көрмеген кемпир апасы сыяқлы, сүйкимли болсын. Атын ким қоясаң? Мәриям. Ажапасының атын. Мариям. Ол сондай гөззал. Аўа, қарағым. Даўыт? Сен бул жерге қалай келдиң? Даўыт! Қалай азат болдың? Қашып шықтың ба? Қаштың ба? Яқ. Таң қаларлығы. Олар мени азат етти. Сен жарадар болыпсаң, тәўирмисең? Аўа. Сен аш шығарсаң. Даўыт! Аға! Даўыт! А! О! Болыўы мүмкин емес. Олар мени жиберди, әке. Мен саған көп нәрселерди айтыўым керек. Сен кирип, қарындасыңды көриўиң керек, ҳәм не болғанын айтып бер. Бала усы жерде ме? Аўа. Бул жақсы. Мен болмағаныма өкинишлимен. Биз билемиз, улым. Енди сен усы жердесең. Көп ўақытқа ма? Олар сени және алып кете ме? Сен қашыўың керек пе? Яқ, қарындасым. Ҳеш қандай қашыў жоқ. Саған отырыўға жәрдем берейин, аға. Қызың гөззал екен. Сен уйге қайтып келип, оған ең жақсы саўға бердиң. Не болғанын айта бер. Ривка апа, сен ўақыяның бир бөлегин билесең. Үйиңе хош келдиң, Даўыт. Ривка апаның күйеўи мени жақлап, мен ушын жәрийма төледи. Бул туўралы ҳәзир айтпа, Даўыт. Мен сизиң ҳәм күйеўиңиздың жақсылықларын қалай қайтарсам болады? Мен билмеймен. Сен ҳеш нәрсе қайтарыўың шәрт емес. Аўа, бирақ тек буның ушын емес. Айтып бер. Римлилер мени қолға алып, ҳәр күни сораўға тутатуғын еди. Гейде ҳәр күни көп мәртебеден. Ҳәм түнде де. Олар мениң шериклерим ким екенин билмекши болды. Мен оларға айтпадым. Мен егер айтсам, мени өлтирер еди. Егер тергеўге шыдай алсам, тири қалар едим. Бирақ ақыры... мен оларға қәлегенин бердим. Даўыт. Олар өз қәлегенине жетти. Урыўды тоқтатты. Буннан соң, ўақыт керек екенин билдим. Мен олар ушын енди керек емес едим. Тергеўден еки түннен соң, мен... қамақханада уйықлап атыр едим. Тунниң ярымында, мени бир нәрсе оятып жиберди. Әтирапыма қарасам, ҳәмме уйықлап атыр екен. Қараўыллар бизлерди жалғыз қалдырды. Сонда мен Оны көрдим. Кимди көрдиң, Даўыт? Оны. Мен сизиң Ийсаңызды көрдим, Сара. Ол маған көринди... Тап ҳәзир сизди көрип турғандай анық кордим. Сен не қылдың? Мен дизерлеп отырып қалдым. Ол әжайып еди! Ол жерге тийетуғын шапан кийген еди. Ал ийнинде алтын қамары бар еди. Оның басы ҳәм шашлары аппақ еди, қар сыяқлы. Көзлери от сыяқлы жарқырап тур еди. Аяқлары отта қыздырылған қолаға уқсайтуғын еди. Даўысы сарқырама сыяқлы еситилди. Далия буны еситиўи керек! Аўа, әлбетте. Рахмет. Мен қатты қорқып кеттим! Дәслеп Ол маған қарады. Оның көзлеринде... бир ўақытлары ислегенлеримниң ҳәммесин көрдим. Далия, мен сени соншелли изледим. Не болды? Бир нәрсе болды ма? Болды ма? Ҳәммеси қәдимгидей. Сондай бир нәрсе жүз берди! Сара балалы болды. Бул әжайып! Аўа, қызлы болды. Ол қызды мениң ҳүрметиме Мәриям деп атады. Даўыт үйде! Не? Даўыт үйде! Ол үйде ме? Олар... не... Яқ. Ол тири! Ол Ийемизди көрипти! Сен не айтып турсаң, Мариям? Кеттик. Сен ҳәзир бара аласаң ба? А, а, аўа, бара аламан. Тезирек! Мен қаншелли узақ ўақыт сыйынғанымды билмеймен, ақыры уйықлап қалыппан. Ертеңине уйқыдан турып, қамақтағылардың ҳәммесине ўақыяны айтып бердим. Ийемизди көргенимди! Мен өлетуғынымды билер едим, бирақ енди қорқпадым. Мен олар менен сөйлестим. Айырымлары Ийсадан кеширим сорады. Қамақтағы биреўи келеси күни қолға алынып атанақ ағашқа шегеленди. Бирақ ол да қорқпады! О, Даўыт. Келеси күни азанда, олар маған келди. Сонда мен ўақтым келгенин билдим. Мен қамақтағы басқалар менен хошластым. Әкемиздиң үйинде көрисемиз. Ийсаға исениң! Бирақ олар урыўдың орнына мени босатып, азат екенимди айтты. Олар мениң ушын ақша төленгенин ҳәм ҳүкимдар маған мийримлилик бергенин айтты. Мен үйиме кеттим. Сонда ҳүкимханадан шығып баратырған сениң күйеўиңди көрдим, Ривка. Ол қайырылып, маған қарады. Сонда оның мен ушын жәрийма төлегенин түсиндим. Солай емес пе? Оның нийети усындай еди. Бирақ сен бул жерге келместен бурын, оның сәтли болатуғынын билмеген едим. Даўыт, сениң және хожалығың менен бирге екениңе қуўанышлыман. Бирақ бәринен де бетер сениң аспандағы Әкемизге қайтқаныңа қуўанышлыман. Бул таўсылмай кетти-ғо! Енди мен улымды өз жалғаны менен шырмап алған бул ҳаял алдында да қарыздарман! Муўса, сен мениң де, күйеўимниң де алдында қарыздар емессең. Биз тыныш жасап, арамызда исленген кәраматлар ушын, Қудайға миннетдаршылық билдире алмаймыз ба? Хожалық буған не дейди? Ақсақаллар, қоңсылар не? Ҳүкимдар Даўытқа қарсы жаңа айыплаўлар тағады! Ийсаның избасарларына Кеўилсизликлер бәрҳә тап болады! Не айтып атырғаны мени тәшиўишке салмайды, аға. Мен Ийемизди көрдим. Ол атанақ ағашта өлип, өлимнен тирилген. Аға, Ол тири ҳәм Ол мени кеширди ҳәм азат етти! Бул жақсы хабар! Жақсы хабар – сениң бул жерде болыўың, тири ҳәм саў болыўың. Бирақ енди, сен бала өзиңди жақлаўың керек. Ақылсызлардың бул исине сен хеш қашан араласпа, балам. Сен дурыс ис тутыўың керек. Ақылыңды жыйна. Хожалығыңды ойла. Мен енди буған шыдамайман. Сен бала жуўапкершиликли болыўың керек. Буны мениң ушын исле улым! Аға, мен түсинемен, бирақ ислей алмайман. Мен Хош Хабар айтыўым керек! О, бул қандай бахытсызлық! Улым ақылдан азыпты. Аға, аға, сен көрсең еди... Яқ, сен ақылдан азыпсаң! Таяқ жегениң сени ақылдан аздырыпты! Муўса! Үйиңде Мухаддес Руўх ислеп атырған ислерге қарсы турма. Қудай саған улыңды тири қайтарып берди! О, булардың ҳәмеси сыр, Муўса. Нора, сен узақ өмир сүрдиң. Сен Даўыттың бул жерде жуўапкершилиги бар екенин көрмей турсаң ба? Ийсаның сөзлери қулағымда жаңлап тур, Муўса. Сениң қәдирли ҳаялың, Қудай оның жанына тынышлық берсин. Оларды айтқан еди. Ҳәтте, хожалық та Масихтың изине ериўге деген шақырықтан кейин турады. Ол шешимди күтип атыр. Ийса мениң атанақ ағашымды алыўым ҳәм Оның изинен жүриўим ушын шақырып атыр. Қандай атанақ ағаш?! Ийса Өз атанақ ағашын арқалап жүрди ҳәм бизлер өлимнен қутқарылыўымыз ушын, Ол сол атанақ ағашта өлди. Енди бизлер, Оның шәкиртлери адамларға Хош Хабарды жеткизиў ушын, қәлеген қунды төлеўге таяр болыўымыз тийис. Оның елшилери, Петр ҳәм басқалар азап шеккен. Айырымлары өз исеними ушын өлген. Муўса, Ийемизге ериўдиң бир ғана жолы бар. Пүткил жүрегиң ҳәм пүткил өмириң менен. Аға, мен Оннан арланбайман. Оның ислегенин айтпай қалай тура аламан? Мен бул туўралы пүткил дүньяға айтқым келеди. Аға, Даўыт. Келиң, буны басқа уақта сойлесейик Сара шаршады. Оған ҳәм балаға дем берейик. Журиңлер, байрамлаймыз. Мен жәрдемлесейин, аға. Қолыңды бер. Мәрҳәмат. Әжаға. Ҳа-ҳа-ҳа-ҳа. О! О, кешир, сен хаққында жақсы хабарларды еситкенимнен қуўанышлыман. Ҳәмме де қуўанышлы болмайды. Бирақ мен қарсы емеспен. Сен – батырсаң, Даўыт. Яқ, ондай емес. Мен батыр емеспен. Бирақ мен кеширилдим. Яқып, мен ҳеш бундай қуўанышты бастан кеширмедим. Дем ал, аға. Мен саған аўқат әкелемен. Ҳәммеси жақсы болады, еле көресең. Далия, сен қаяққа кетип баратырсаң. Мәриям, кетиўим керек. Бирақ биз түски аўқатты жей жақпыз. Даўыт және көп нәрселерди айтып береди. Булардың ҳәммеси мениң ушын жүдә көп. Негизинде, мен не ойларымды билмеймен. Мен кетиўим керек. Бирақ... Хош болың. Далия. Далия! Өзиңизди усы эпизодтағы қайсы қаҳарманларға уқсатасыз? Даўыт пенен қамақта не жүз берди? Не ушын Далия ҳәм Муўса Даўыттың гүрриңине усындай қатнаста болды? Енди сиз Даўыттың өмиринде қандай өзгерислер жүз бериўин күтесиз? Сизиң Қудайға келиўиңиздиң тарийхы қандай?
JesusFilm