Women's Resources·14 of 70

Finding Peace

In the midst of trials, Mariam asks Rivka how to stay calm in troubled times. She says Jesus prayed even more during tough times. Jesus was on a mountain top praying. A man brought his son to the disciples to be healed. But the disciples couldn't do it. When Jesus came down from praying, He rebuked the disciples. He said, "This kind only comes out by prayer." Rivka says spending time with God, praying, learning from His Word, seeking His will, and worshipping Him is a way of life. So when life becomes difficult, we're prepared. Spending time in prayer isn't an obligation; it's a privilege. As Rivka says, Jesus often went away to be by Himself. He set an example for His followers by spending intentional time with His Father on a regular basis. As followers of Jesus, we're assured God's peace when we pray. This is how followers of Jesus endure trials and suffering in life: communication and relationship with the One who made us and reigns sovereign over everything.

Ask yours

Bible Quotes

Share
Mark 1:35

Early in the morning, while it was still dark, Jesus got up and went out to a solitary place to pray.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Philippians 4:6-7

Be anxious for nothing, but in everything, by prayer and petition, with thanksgiving, present your requests to God. And the peace of God, which surpasses all understanding, will guard your hearts and your minds in Christ Jesus.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Free Resources

Want to understand the Bible more deeply?

Join our Bible study

Transcript

Karakalpak (Қарақалпақ тили)
Ривка Қозғалаң Ўақтында Тынышлық Даўыт, сен бул жерде не қылып журсең? Тыныш! Падаға ким қарап атыр? Яқып. Сен не қылып атырсаң? Мен ўақытша жоқ болып кетиўим керек. Басымды паналайман. Не? Қалай сен ондай қыласаң? Сен усы жерде керексең. Мени римлилер излеп жүр. Римлилер сени әкем кетпестен бурын излеп жүр еди. Сен не иследиң, Даўыт? Бизлердиң ислеп атырғанымызға сен рахмет айтыўың керек. Ерусалим езиўшилерден азат болыўы керек. Анам оянды ма? Билмеймен. Ол жүдә наўқас. Сен олай қыла алмайсаң, Даўыт. Мен оған бираз ўақыт уйде болмайтуғынымды айтыўым керек. Бирақ сен әкеме ўәде бергенсең. Маған әкемди айтпа. Ол жоқ! Ол римлилерге жәрдем берип атыр. Маған ҳүким еткендей ол ким? Мен ислеўим керек нәрсени ислеп атырман. Ҳәммеси жақсы болады. Бул жерде Сара менен Аюп бар. Яқып малларды бағысыўға келисим берди. Оның қолы не? Аааа! Сен неге қалмайсаң? Бул қәўипсиз болады. Мен тез қайтып келемен. Ўәде етемен. Демыңды ал. Тәўир болып кетиң. Қудай саған яр болсын. Қалай батылың барды? Бизди қалай таслап кете аласаң? Мени усыған таярланды деп ойлайсаң ба? Ашыңлар! Аш! Жолды босат! Биз Даўыт Бар Муўсаны тутқынға алыўымыз керек. Үйди тинтиңлер. Жоқарыны тинтиңлер! Булардың бәри не? Аюп! Сен кимсең? Мен – Даўыттың жездесимен. Бул жерге мен жуапкермен. Не қылдың, таптың ба? Яқ, мырза. Ўа- ҳа- ҳа. Мен буны таптым, бирақ ол жүдә кишкене деп ойлайман. Оны жибер. Биз орнына мынаны алып кетемиз. Не? Мен ҳеш нәрсе ислемедим! А! Жүр. Қыймылда, дедим. Аюп! Аюп! Оны жибериң, жибериң! Аюп! О, Аюп, Аюп! Яқ! Яқ, Сара! Сара! Баланы ойла. Яқ. Сен Аюпқа жәрдем бере алмайсаң. Анаңа кеттик. Апа? Ол есин жойтты. Биз тынышланып, дуўа етиўимиз керек. Қудай, ҳәтте, ҳәзир де ҳәммесин басқарып тур. Әскерлер Даўытты излеп жур еди. Аўа, апа, олар оны таба алмады. Ол қашып кетти. Бирақ Аюп! Олар оның орнына Аюпты алып кетти. О Қудайым, жәрдем бере гөр! Бизлер дуўа етиўимиз керек. Әке, Бизлер Саған Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихтың аты менен келемиз. Бизлер Саған сыйынамыз. Сени алғыслаймыз. Саған, ҳәтте, қыйын жағдайда да бизлерди таслап кетпегениң ушын миннетдармыз. Бизлер Сеннен Аюп ушын сораймыз. Аюпты сол әскерлерден қутқар, Ийем. Оған Өз даналығыңды бер. Оны Өз ийгилигиң менен қолла. Оның жүрегин бизиң түсинигимизден жоқары болған тынышлыққа толтыр. Өтинемиз, Аюпты сақлай гөр. Бизлер не болып атырғанын түсинбеймиз, бирақ Сени алғыслап, Саған миннетдармыз. Өйткени Сеннен, тек Сеннен үмит етемиз. Рахмет, Әке. Саған исенемен, Ийем. Апа, ҳәммеси қыйралып атырса да, сен неге сонша тынышсаң? Бизиң тынышлығымыз Қудайдан. Есимде, Магдалалы Мәриям өзи қорқып, қыйналғанда, Ийсаның үлгисин есинде сақлап, жасағанын айтқан еди. Ол Ийса жүдә бәнт болып, шаршағанда ямаса душпанлар қоршаўында болғанда, ерте азанда турып, дуўа етиў ушын аўлақ жер табатуғынын айтқан еди. Гейде Ол түни бойы дуўа еткен. Ол он еки шәкиртин таңлаўдан алдын, түнде дуўа еткен екен. Ол, ҳәтте, ҳүкимет Оны қамаққа алыўға келгенде де, дуўа еткен. Ол ҳақыйқаттан дуўа етиўши еди. Бир күни Ийса таўда Петр, Яқып ҳәм Юхан менен бирге болғанда, бир адам улына шыпа излеп, шәкиртлерге келди. Бала қалтырап, аузы копирип, отқа да жығылатуғын еди. Ол адам шәкиртлерден жинди қуўып шығарыўды өтингенде, олардың қолынан келмеди. Ийса шәкиртлерин исеними азлықта айыплап, былай деди: «Жинлер тек дуўа етиў ҳәм оразадан кейин шығады». Бирақ Ол дуўа етип, ораза тутқан жоқ. Себеби әлле қашан дуўа етип, ораза тутқан еди. Ийса жинди қуўып шығарды ҳәм бала шыпа тапты. Ийса бизлерге дуўа етиў, өмир тәризи екенин көрсеткен еди. Биз ҳәр күни дуўа етиўимиз, бирге ўақыт өткизиўимиз, Оған сыйыныўымыз, Оның еркин излеўимиз, Оның сөзин туўры пикирлеўимиз керек. Сонда өмирде қыйыншылық келгенде, оның қандай мушкил болыўына қарамастан, биз жолымызда болған нәрселерди жеңиўде, өзимизде ишки күш бар екенин билемиз. Сен ҳәр күни азанда дуўа етесең бе? Ҳәрекет етемен. Әлбетте, гейде мени бир нәрсе иркеди. Бирақ бул мениң әдетим ҳәм мениң жақсы көретуғын ўақтым. Қудай менен ўақыт өткизиў – ўазыйпа емес, ал Оның сыйы. Гейде дуўаларым Қудайға күлкили болып көринетуғын шығар деп ойлайман. Күлкили? Яқ, Мәриям. Қудай Өзине киши ҳәм үлкен машқалалар менен келгениңди жуда жақсы көреди. Қудай Адам ҳәм Ҳаўа-енени жаратып, Эдемге жайластырғаны ядыңда ма? Қудай оларды изледи. Оларды шақырып: «Қай жердесиз?» – деди. Бул Қудайдың жүреги! Сениң менен бирге болыўды қәлейди. Ол сениң басыңнан не өтип атырғанын ҳәммеден жақсы түсинеди. Бирақ буған қалай исенсе болады? Ийса бизлер сыяқлы адамға айланды. Бизлер шыдап атырған нәрсениң барин бастан кеширди. Ол бизди азғыратуғын ҳәмме нәрсе менен сыналды. Ол гүнасыз өмир сүрди. Ол усы жерде, жер бетинде, арамызда жасағанлықтан, бизлерди түсинеди. Ол биз дуўшар болатуғын ҳәмме нәрсени бастан кеширди. Ол бизлерди соншелли жақсы көреди. Ол – бизиң бир өмирге ең жақсы достымыз. Демек, сен дуўа еткениңде, оған ҳәммесин айтасаң ба? Ҳәммесин! Ол мени дыққат пенен тыңлағысы келетуғынына исенемен. Мени де. Аўа. Биз өмиримиз туўралы патшалар Патшасы менен сөйлесе аламыз. Сара! Аюп! Жақсымысаң? Аўа. Жүзбасы келип, мени азат етиўди буйырды. Қудайға шүкир! Ол басқа адамды алып келгенине жүдә ашыўы келди. Жүр, маған ҳәммесин айтып бер Қудай дуўаларға жуўап береди. Аўа. Қарағым, жуўап береди. Ал енди мен үйиме барыўым керек. Хош бол, Ривка апа. Сәлем, Яқып. Сәлем. Үй-ишиң жақсы деген үмиттемен. Жүдә жақсы, рахмет. Сиз не? Жайында. Бирақ мен кетиўим керек. Онда Қудай яр болсын. Қудай яр болсын. Яқып. Не болды, аманлықпа? Мм, бир сәтке кирсем бола ма? Әлбетте. Келиң киребериң. Даўыт мени атыздан тапты. Ол ҳәммеси жақсы екенин айтып қойыўымды қәледи. Ол және сизди қәўетерге қойғысы келмеди, ол исенимли пана тапты. Жағдайың жақсы ма? Жәрдем керек емес пе? Даўыт сени Аюп пенен бизиң падамызға қарайды деген еди. Өзиңдикине қосып. Рахмет саған. Бул үлкен жәрдем. Бизлерде ҳәммеси жақсы болатуғынына исенемен. Егер бир нәрсе керек болса, маған айт. Биз, мен сиз ҳәм анаңыз ушын дуўа етемен. Мен...барлығын...дүзете аламан. Ҳәммесин бе? Ҳәммесин емес. Рахмет, Яқып. Мен буны умытпайман. Яқшы. Яқшы, мен кетиўим керек. Яқып, Қудай яр болсын. Өзиңизди қайсы қаҳарманға уқсатасыз ҳәм не ушын? Егер де сиз ямаса сиз жақсы көретуғын биреў наҳақ айыпланғанда, сиз не қылар едиңиз? Қудай бизиң дуўаларымызға қалай жуўап береди? Ийсаның үлгисинде биз дуўа етиў туўралы не билемиз? Усы ҳаяллардың үлгисинде дуўа етиў туўралы не билдиңиз?
JesusFilm