Women's Resources·10 of 70

Handiwork

Mariam and her friend Daliyah visit Rivka. But Rivka and her husband fight over his work as a tax collector. Rivka apologizes and asks to walk back with Mariam. Rivka and Sara talk while they clean wool. Sara explains that she is tired from being pregnant and she and her husband Ayoub had hoped to move closer to his family. She's frustrated because she feels stuck waiting, and far from God. Rivka assures her that even Jesus's disciples felt alone sometimes. She mentions the time when the disciples were in a boat with Jesus. A storm came up over the lake and Jesus stayed asleep. The boat was taking on water and the disciples were about to die. So they woke Jesus up and asked if He cared about them. Jesus calmed the storm. But He rebuked them for having little faith. It was okay to be afraid. But they had doubted whether He cared for them. Soldiers knock at the door and have a summons for Moussa. He's to report to Beirut for work. Mariam insists on taking the summons to Moussa in the fields. Sara says this is one more thing to worry about and wonders where God is in all their troubles. Rivka uses the dirty wool to illustrate. Sara sees dirty wool now, but she also sees the beautiful rug she'll make from it. Rivka says God sees us now, but He can also see what we will be. She says Paul, an apostle of Jesus, calls us God's handiwork.

Ask yours

Bible Quotes

Share
John 3:16

For God so loved the world that He gave His one and only Son, that everyone who believes in Him shall not perish but have eternal life.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Philippians 1:6

being confident of this, that He who began a good work in you will carry it on to completion until the day of Christ Jesus.

Berean Standard Bible

Public Domain

Read more...
Free Resources

Want to understand the Bible more deeply?

Join our Bible study

Transcript

Karakalpak (Қарақалпақ тили)
Ривка Қол Жумысы Егер биреўде жоқ болса, мен ҳеш кимнен римлилер талап еткенинен артық алмадым ҳәм мен сениң айыплаўың себепли ашыўлыман! Харон, әзийзим, гейде, сен ишсең, ойларыңның көбиси … Ишесең! Мениң ойларым? Кешки аўқат ўақтында азғана иштим. Соған не болыпты. Бул ҳаял, алдап тур, Ривка. Сен оның менен сөйлеспеўиң керек. Яқ, ҳәзир емес. О, Мәриям, Далия келиңлер, кириң. Өтиң. Отырың. Анаң қалай, жақсы ма? Ривка, мениң шыдамым таўысылды ҳәм мен … Сиз бул жерде не қылып атырсыз? исенбеймен: Муўса қызын салық мәселесин шешиўге жиберген бе? Ол қорқақ. О, мениң әзийзим, қандай аянышлы. Не деримди де билмеймен. Бүгин күйеўим ашыўлы. Ҳеш гәп. Апам аз-маз хурма берип жиберди. Сизиң жәрдемиңиз ушын рахмет ретинде. Жүдә жақсы. Рахмет...Ал енди кеттик, мен сениң анаңды ҳәм әжапаңды көргим келеди ҳәм маған таза ҳаўа керек. Ривка апа! Хош келдиңиз. Қалайсыз? Жақсы. Бүгин анаң қалай? Бираз жақсы. Ол аўырыў балаларға қараў ушын, Амираға кетти. Бул оған тән ис: өзи жаңа аяққа турғанда, басқаларға жәрдем береди. Мен исенемен: бул оның мийримли жүреги. Аўа. Ал сиз қалайсыз, қәдирли Сара? Сен шаршадың, анаң ҳәм пүткил үй-ишиң сениң мойныңда. Мен кейинги ўақытта қатты шаршадым. Мен және ҳәмледарман. О! Сен қорқасаң ба? Түсик түскенине ме? Бизлер Яҳудияны таслап кетиўге қарар еттик. Аюптың ата-анасының уйине бармақшымыз Аўа. Бирақ мен ҳәмиледар болсам, қалай барамыз? Мен иркилиўге болмайтуғынын билсем де. Не ушын? Себеби мен бул баладан да айырыламан. Қудай соншелли узақта, Ривка апа. Мен қалай дуўа етиў кереклигин билмеймен. Бир ўақытлары, қашанлардур Ийсаның шәкиртлери, Қудайды өзлерине ғамхор емес деп ойлаған еди. Рас па? Аўа. Сонда олар қайықта болып, Ийсаны Галилей теңизи арқалы өткизип атыр еди. Ийса қайықта уйықлап қалды, кейин теңизде күшли даўыл көтерилди. Шәкиртлер өз өмирлери ушын қорқты. Сен де өз балаңның өмири ушын қорққандай. Олардың қорқыўына себеп болған еди. Толқынлар қайыққа урылып, олар шөгип кетер еди. Сонлықтан олар Ийсаны оятты Оған былай деди: «Ийем, бизлер шөгежақпыз, Саған бәри бир ме?» Ол турып, самал ҳәм толқынды тынышландырды. Ол олардың мүтәжлигине ҳәм сораўына жуўап берди. Бирақ кейин оларды әшкаралады. Оларға былай деди: «Исенимиңиз қәне?» Шәкиртлер Ийсаны оятып, Оған қәўип туўралы айтып, қәте иследи ме? Мен олай ойламайман. Яқ. Машқала Машқала, олардың Оның ғамхорлығына ҳәм Оның өзлерине жәрдем бере алатуғынына гүманланыўында еди. Бирақ, Ол әлбетте, оларға ғамхорлық көрсетип, жәрдем ете алатуғын еди. Саған да, маған да анық солай ислей алады! Тас жоныўшы Муўса усы жерде ме? Яқ. Ол – мениң әкем. Оны Бейрутты қайта тиклеўге шақырып атыр. Ол еки ҳәптеден соң қорғанда болыўы керек. Әкем Бейрутқа кетиўи керек. Әскерлер солай деди. Мен әкеме айтыўым керек. Жүр, Нух. Апа, енди бул нәрсе?! Әзийзим, әттең. Олар қоңсымыз Нахумды бир жыл бурын шақырған еди. Ол қайтыс болды. Бахытсыз ҳәдийсе. Бул аўыр ўақыт. Бул оғыры-ғо, апа! Айт, Қудай қәне? Кел, Нора апа. Мен өтип баратыр едим, үйиңиздиң қасында әскерлерди көрдим. Оларға не керек? Олар шақырыў қағазын әкелди. Әкем Бейрутқа кетиўи керек. Бейрут! О! Сондай бахытсызлық, сондай! бийшара Юшам да жәрдем ете алмайды. Әттең, Нора. Ол мени бир жыл алдын таслап кеткен еди. Енди ол ата-бабалар менен жатыр. Римлилер себепли! Сен ылайықлы түрде өттиң, апа. Ылайықлы? Биз соны ислеп атырмыз. Ҳәммесине минәсип шыдап атырмыз. Бирақ Қудай қәне? Мына жаққа, Нух. Жүр. Бундай ўақытлары Қудай таслап кетти деп ойлаўға азғырылыў бар. Бирақ Ол бизге қарап тур. Әсиресе қыйын ўақытлары. Қудай бизди сүйеди ҳәм Оның сүйиспеншилигинен рәҳәтленгенимизди қәлейди. Оның жобасы бойынша, биз Оның хожалығымыз. Ең бастағы бағ ядыңызда ма? Қудай адамды Өзине усатып жаратты. Қудай, Адам ҳәм Ҳаўа ене жәннет бағында болды. Қудай олар менен сөйлести. Бирақ кейин бойсынбаўшылық ол ҳәм Қудай арасына тосқынлық салды. Олар өзлериниң айыбы себепли уялып ҳәм қорқып, қашып кетти. Олардың қозғалаңына қарамастан, Қудай оларды изледи. Ийса бизлерди излеў ушын келгендей. Ол жерге келди, арамызда жасады. Бизлер ушын өлди. Гүналарымызды ҳәм масқарашылығымызды Өзине алды. Оның сүйиспеншилиги ҳәм қурбанлығы себепли биз және Қудайдың хожалығы бола аламыз. Гүналарымызды мойынласақ, Ийсаның бизлер ушын қурбанлығын қабылласақ, биз және мухаддес Қудайға бара аламыз. Оның уллары ҳәм қызлары боламыз. Сен Қудайдың қызы бола аламан ба, дейсең бе? Әлбетте. Оның хожалық ағзасы. Қудайдың хожалығына кириў ушын, мухаддес болыўымыз керек емес пе? Ийсаға усамайтуғынымды билемен. Мен минсиз емеспен. Мен де. Гейде өзимизди мухаддес қылып көрсетемиз, бирақ... Мен жас емеспен, басқаша қылып көрсетиўге, дым жас емеспен. Арамызда жақсылар жоқ. Мына жүн сыяқлы ма? Сара, сен нени көрип турсаң? Мына патас жүнде ме? Шоплер, таслар. Ҳм. Ол патас, меники оннан да патас Қозым ашыўыма тийиў ушын, қатты патас болған. (күлки) Олар мениң қартайғанымды ҳәм күйеўим жоқ екенин биледи. Мен исенемен, ондай емес, апа! Бирақ Сара, бул жүнге не болады? Сениң жобаң қандай? Аюп екеумизге жамылғыш ислеймен. Биз оны Антиохиядағы үйимизге алып кетемиз. Әжайып емес пе? Әлбетте. Менде жәнликлерден ҳәм ғозалардан исленген бояў бар. Мине, сен оның қандай кир екенин көрип турсаң. Бирақ ойыңда оны басқаша, таза, жуылған, таралған, ийирилген, жамылғыш тоқылғанын көресең. Аўа. Қудай да сондай. Ол сени қандай болсаң, сондайлығыңша көреди. Бирақ Ол және өмириңде Өз исин жуўмақлағанда қандай болатуғыныңды көреди. Демек, бул жүн сыяқлы, Қудай гүна менен ипласланғанымды биледи. Ол мениң аспанда қандай болатуғынымды ойлай ма? Аўа. Сен Ийсаның изине ергенде, Қудай бул әжайып мийнетти баслаған еди. Ол буны ақырына дейин жеткизеди, себеби сен – Оның хожалығының ағзасысаң. Гейде өмир таралмаған жүнге усайды. Ол бизди созып, бөлекке бөледи. Гейде бул оның дерлик қолынан келеди. Аўа, апа. Биз азап шегемиз. Аўа, ол жүн сыяқлы бояўда қайнаўы керек. Бул узақ ўақыт, дурыс па? Бизиң ҳәзир Рим қамағында болған туўысқанымыз Павел өз хатларының биринде бизиң Қудайдың дөретпеси екенимизди айтқан еди. Ийса бизлерди Қудай бизге белгиленген жақсы ислерди ислеўимиз ушын жаратты. Қудайдың дөретпеси? Ҳм, аўа. Жаўлыққа қара. Оны ким ислеген? Мен. Саған көп ўақыт керек болды ма? Аўа, жүдә көп Оны тоқыў саған унады ма? Аўа, әлбетте. Ҳәзир оған қараў маған унайды. Әжайып нәрселердиң ҳәммеси көп ўақытты талап етеди. Бул узақ харекет ҳәм өмир жолымыз да узақ. Узақ. Өмир ортасында узын, бирақ изинде қысқа. Көзди ашып жумғанша, бир сәтте кейин тамам болады. Бийшара Юша. О, апа. Егер сен Ийсаға исенсең, Ол арқалы Қудайдың шаңарағының бир бөлеги боласаң, Сен Қудай менен Әкеңдей сөйлесе аласаң, Оған өз тәшиўиш ҳәм қуўанышларыңды әкеле аласаң. Бизиң елшимиз Петр барлық тәшиўишлеримизди Ийемиздиң мойнынан жүклеўимиз кереклигин айтқан еди. Себеби Ол оларды көтергиси келеди. Буны қалай ислеўге болады? Оның менен сөйлесип пе? Аўа. Оған ҳәммесин айтасаң. Сен Қудай туўралы жақын адамыңдай айтасаң. Көплер Ийсаға исенген ҳәм Ол бизлерге жақын. Ол саған жақын болғысы келеди. Сен Оған дуўа етиўиң керек Оннан Өзин көрсетиўин сораўың керек. Дәслеп усыны сора. Мен сениң айтқаның туўралы ойланып көремен. Ал ҳәзир мен патас қойларыма кетиўим керек. Сениң айтқаныңдай дуўа етемен. Әке, Қызым, Мәриям. рим әскерлери мынаны әкелди. Бир неше күннен кейин, Бейрутқа барыўым керек. Бейрут қа? Оларға қала қуратуғын тас қалаўшылар керек. Сол Агриппа! Ол өзин патшаман деп атайды. Бирақ Рим қуўыршағынан басқа ҳеш ким емес! Бейрутта не болғаны менен не жумысымыз бар? Бундай қылма, әке! Сен сол Агриппаға жәрдем бермеўиң керек! Даўыт. Қасыңда үкең турғанда, бундай деўши болма. Сен оның ҳақыйқатты билгенин қәлемейсең бе? Сен нени қәлейсең, улым? Пүткил шаңарағымызға Рим қылышын ба?! Аўзыңды жап! Нухты ойла. Әжапаларыңды ойла. Анаңды ойла. Әке, барма. Ҳәтте, Мәриям да биледи. Ҳәтте, Нух та биледи. Әлбетте, бул Қудайдың ерки емес. Сол динсизлерге хызмет етпе. Олардың, ҳәтте, Ибадатхананы ҳарамлаўға таяр екенин билесең-ғо! Егер сен оларға жәрдем берсең, бул қашан таўысылады? Даўыт. Сен билесең, мен кетиўим керек. Қудай биледи: мен барыўым керек. Улым, егер мен бас тартсам, не болатуғынын билесең бе? Қаҳарманлардың қайсысы сизге ямаса жақын адамыңызға уқсайды? Қыйын ўақытлары Қудай сизден узақ екенин сездиңиз бе? Ийса менен теңизде болған ўақыялар, қыйыншылықлар туўралы не дейди? Сараның тоқыған жаўлығының мысалы өмиримиздеги Қудайдың ислериниң мәнисин қалай ашып береди? Қудайдың қызы болыў нени аңлатады?
JesusFilm